O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси “Жаслар қанаты” басламасы менен белсенди жаслар ушын Хожели районындағы Миздахқан тарийхый комплексине саяхат шөлкемлестирилди.
Саяхатты шөлкемлестириўден мақсет, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик, халқымыздың тарийхы ҳәм уллы ата-бабаларымыздың бай мәдений мийрасын мақтаныш етиў сезимлери руўхында тәрбиялаўдан ибарат. Мәмлекетимизде соңғы жыллары барлық тараўлар сыяқлы туризмди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, ϴзбекстанда жаслар туризмин раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар.
Мағлыўмат орнында Миздақхан қала ҳәм Мазлумхан сулыў тарийхый орынларын өз ишине алған комплекстиң кейинги атамасы. Илимий изленислерде Гәўир қала эрамыздан алдыңғы 1 мың жыллықтың орталарынан баслап эрамыздың XI әсирине шекем Миздахқан деп аталып келгенлиги ҳаққында жазылады.
Мазлумхан сулыў – Миздақхан комплекси XIII әсирде қурылған тарийхый естелик болып табылады. Назлумхан сулыў деп те айтылады. Естеликтиң ишинде турмысқа шықпастан қайтыс болған қыздың жерленгени анықланған. Оның қәбириниң үстиндеги тасларға философиялық мазмундағы қосықлар жазылған. Кейинги жыллары халықтың арасындағы усы әпсаналар тийкарында қарақалпақ әдебиятында шығармалар жаратылды. Саяхат даўамында жаслар тарийхый комплекстеги “Мазлумхан сулыў”, “Гәўир қала” “Жомард қассап”, “Ҳалфа Ражаб”, “Шамун Набий” сыяқлы тарийхый естеликлер менен танысты.
Бундай илажлардың шөмлеслестирилиўи жаслардың руўхыйлығы ҳәм потенциалын раўажландырыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўинде айрықша әҳмийетке ийе. Жасларды халқымыздың бай мәдений мийрасына ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, оларды үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген саяхат айрықша әҳмийетке ийе болды. Соның менен бирге, бул жасларды тарийхымызды терең үйрениўге, бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысымыздың қәдирине жетиўге жетелейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги