Өзбекстан парламенти делегациясы рәсмий сапар менен Россия Федерациясында болады.

Усы жылдың 19-20-февраль күнлери Өзбекстан Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының спикери Нуриддин Исмоилов басшылығындағы парламент делегациясы Россия Федерациясында болады.

Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан парламенти делегациясының Россия Мәмлекетлик думасының баслығы Вячеслав Володин ҳәм Россия Федерациясы Федераллық мәжилиси Федерациясы кеңесиниң баслығы Валентина Матвиенко менен ушырасыўлары режелестирилген.

Болажақ ушырасыўларда парламентлераралық байланысларды кеңейтиў ҳәм беккемлеў, бул бағдардағы бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерине итибар қаратылады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Россия Федерациясы Федераллық мәжилисиниң Мәмлекетлик думасы менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссиясының биринши мәжилиси болып өтетуғыны нәзерде тутылған.

Бул рәсмий сапар Россия парламенти делегация ағзаларының Олий Мажлис Нызамшылық палатасы (2022-жыл, ноябрь)нда болып өткен ушырасыўы даўамында режелестирип алынған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги