Египеттен Ташкентке гепатит С ға қарсы дәри-дәрмақлардың бесинши партиясы жеткерип берилди.

Өзбекстан елшиханасының хабарына бола, Египет ҳүкимети тәрепинен 2025-жылға шекем улыўма баҳасы 4,2 миллион АҚШ доллары болған жәми 800 мың дана С ҳәм В гепатитине қарсы дәри-дәрмақлардың берилиўи бойынша келисимге ерисилди.

2023-жыл даўамында улыўма баҳасы 696 мың долларға тең болған бул дәри-дәрмақ қураллары мәмлекетке басқышпа-басқыш жиберилди.

10-февраль күни Uzbekistan Airways авиакомпаниясы С гепатитине қарсы дәри-дәрмақ қуралларының төртинши партиясын Ташкентке жеткерип берди. Улыўма 12 дана қутыларда 6720 дана дәри-дәрмақ қураллары Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Вирусология илимий-тексериў институты тәрепинен емлеўди талап ететуғын наўқасларға бөлистириледи.

Қәнигелердиң есап-санағына бола, бир наўқастың 3 айлық толық емлеў курсы ушын 6 қадақ керек болады. Бул емлеў курсының Египеттеги орташа баҳасы 31 доллар, Өзбекстанда болса усы жылға шекем 100 долларға деп баҳаланып келинген. Египет ҳүкимети усынатуғын 800 мың дана дәри-дәрмақ қураллары жәми 133 мың наўқасқа жетеди.

Егер гепатит С ға қарсы дәри-дәрмақ қуралларын усы ўақытқа шекем сырт елден сатып алынып атырған баҳаларда сатып алынғанда Өзбекстан мәмлекетлик бюджеттен 13,3 миллион доллар жумсаған болар еди. Мәмлекетлик бюджеттен жумсалған қаржылар гепатитти анықлаў бойынша халықты «скрининг» етиў көлемин ағымдағы 10 мыңнан 1 миллионға шекем арттырыў, вирусларды анықлап, кеселликти толық сапластырыўға имканият жарататуғыны күтилип атыр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги