Өзбекстан некелер саны бойынша ҒМДА да биринши, ажырасыўлар бойынша болса еӊ ақырғы орында турады.

ҒМДА Мәмлекетлераралық статистика комитетиниӊ мағлыўматларына бола, 2022-жылы Өзбекстанда ҳәр 1000 адамға некелер саны 8,4 ти, ажырасыўлар саны 1,4 ти қураған.

Соныӊ менен бирге, 2010-жылға салыстырғанда  (10,1) некелер азайған, ажырасыўлар (0,6) болса керисинше артқан, деп мағлыўмат береди хабар.уз

Статистика агентлигиниӊ мағлыўматларына бола, 2023-жылдыӊ январь-ноябрь айларында Өзбекстанда 256 533 неке жағдайы есапқа алынған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги