Ookla компаниясыныӊ speedtest.net сервиси 2024-жыл январь айы нәтийжелерине байланыслы жаӊа мағлыўматты жәриялады. Оған бола, мәмлекет мобиль интернет тезлиги бойынша 4 текше жоқарылап, өсиў көрсетти.

Буныӊ менен Өзбекстан 2023-жылдыӊ басынан усы жыл жағдайына бола, 32 текше жоқарылады.

Мәмлекетте январь айында мобиль интернет арқалы орташа жүклеп алыў тезлиги 26,97 Мбит/с, жүклеў тезлиги 11,25 Мбит/с ти қурады. Сондай-ақ, сымлы интернет тезлиги (Fixed Broadband) болса орташа 59,07 Мбит/с ти қурады ҳәм рейтингте 2023-жыл басынан бүгинги күн жағдайына бола, еки текшеге жоқарылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги