Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткен 2023-жылда бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Жер түриниң қайсы категорияда болыўына қарамастан жерлердиң өзбасымшалық пенен ийелениўиниң, нызамсыз қурылыслардың алдын алыў ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықларды дизимнен өткериўди тәмийинлеў, жер қадағалаў илажларын шөлкемлестириў басқарманың тийкарғы ўазыйпалары есапланады.

Усы ўазыйпалардан келип шығып, 2023-жыл даўамында Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен алып барылған жер қадағалаў жумыcлары даўамында юридикалық ҳәм физикалық  тәреплер жағынан 877,7 гектар жер майданын өзбасымшалық пенен ийелеў бойынша  2716 жағдай анықланды. Оларға тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, ескертиў хатлары берилди.

Көрилген илажлар ҳәм түсиник жумысларының нәтийжесинде нызамға қарсы түрде алып қойылған 793,5 гектар жер майданы мәмлекет резервине қайтарылды.   750 жағдайда нызамсыз ийеленген 649,04 гектар жер майданын мәжбүрий қайтарып бериў бойынша судларға даўа арзалары киргизилди.  335 жағдайдағы  10,61 гектар жер бойынша суд уйымларындағы суд процесслери даўам етпекте.

Ҳәзирги ўақытта 937 жағдайда анықланған  374,16 гектар жер майданын мәмлекет резервине қайтарыў илажлары көрилмекте. Жер нызамшылығының бузылыўында жынаят белгилери болғанлығы ушын 115 ҳүжжет прокуратура уйымларына жиберилди.

Басқарма, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен ϴзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьялары менен 2819 пуқараға ҳәкимшилик жәрийма қолланылды.

Жер менен байланыслы нызам бузылыўлардың алдын алыў, пуқараларға жерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў нызамсыз екенлигин түсиндириў мақсетинде тастыйықланған реже тийкарында орынларда көшпели қабыллаўлар, халық пенен турақлы ушырасыўлар өткерилмекте.

Сондай-ақ, өткен жыл даўамында жәми 1042 мүрәжат келип түскен болса, соннан жер майданын нызамсыз пайдаланғаны бойынша 719, турақ жайларды рәсмийлестирип бериў бойынша 195, жер ажыратыў бойынша 19, жер участкаларын өлшеп бериў бойынша 39, жер участкаларын қайтарыў бойынша 8 ҳәм басқа да мәселелер бойынша 62 мүрәжат келип түсти. Соннан 598 мүрәжат қанаатландырылып, 444 мүрәжатқа ҳуқықый түсиниклер берилди.

Усы жерде жер қадағалаў жумыслары даўамында ғалаба хабар қураллары менен биргеликте көп нызам бузылып атырған аймақларда үйрениўлер алып барылып атырғанлығын да атап өтиў керек.

Нызамсыз қурылысларды анықлаў, түсиник жумыслары еле даўам етпекте.

Пуқараларымыздан жерден нызамсыз түрде пайдаланбаўын, егер нызамсыз түрде турақ жай ҳәм басқа да қурылыс жумысларын әмелге асырса, олар тийисли тәртипте бузылатуғынлығын, қуры зыянға қалатуғынлығын, соның менен бирге, жәриймаға тартылатуғынлығын, ескертиўлерге қарамастан қайталанса, жынаят исин қозғаўға шекем шара көрилетуғынлығын және бир мәрте ескертемиз.

 

Рахат Қосманов,

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы

басқармасының сектор баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги