Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлерине қараслы әскерий бөлимлердиң бири тәрепинен Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги, әскерий админстративлик сектор ўәкиллери, жаслар ислери агентлиги менен биргеликте райондағы мәденият сарайында «Армия-мәртлик, сабырлылық ҳәм билим дәргайы» атамасында үш әўлад ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Мақсет – хызмет етип атырған әскерий хызметкерлер, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда ана-ўатанға садықлық сезимин қәлиплестириў ҳәм мәрт инсан етип камалға келтириў болып есапланады.

Илажда Аўған урысы қатнасыўшылары менен улыўма билим бериў мектеплери оқыўшыларының қатнасыўында дөгерек сәўбетлесиўлери шөлкемлестирилди.



Жасларға аўған урысының ақыбетлери, ондағы жоғалтыўлар, урыс ўақтындағы халықтың турмысы қаншелли дәрежеде қәўетерли болғаны, тынышлықтың бийбаҳа екенлиги айтылып, ҳәзирги тынышлықтың қәдирине жетиў, жаратылған имканиятлардан утымлы пайдаланып, елге пайдалы инсанлар болып жетилисиўи кереклиги атап өтилди.

Илаж даўамында жасларға әскерий хызметкерлер тәрепинен заманагөй техникалар, қурал-жарақлар, бақлаў қураллары ҳәм басқа да әскерий техникалар көрсетилип, хызмет ийтлериниң шығыўлары шөлкемлестирилди.

Илаж әскерий хызметкерлер ҳәм оқыўшылардың атқарыўындағы концерт номерлери менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги