Тақыятас хабарлары

Техникаң саз болса, исиң раўаж болады. Сонлықтанда,  аўыл хожалығындағы фермерлер ушын заман талабындағы жаңа техниклардың зәрүрлиги жыл сайын артып бармақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти қарарына муўапық Халықаралық раўажланыў шөлкеминиң қатнасыўындағы «Арал теңизи әтирапында климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў бағдарламасы» шеңберинде Жәҳән банкинен келген жумысшы топар ағзалары Тақыятас районында болып, 24 пуқараға аўыл хожалығында пайдаланатуғын мотокультиваторларды тапсырды.

      Исбилерменлердиң имканиятлары кеңеймекте

Тақыятас районында исбилерменлик пенен шуғылланыўшылар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.  Атап айтқанда, район ҳәкими Д.Қурбановтың басламасы менен исбилерменликти раўажландырыў ҳәм өндирис кәрханаларын кеңейтиў мақсетинде райондағы бос турған имаратлар исбилерменлерге берилген еди. Сондай-ақ, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. «SK UMID» ЖШЖ ға есик ислеп шығарыў бойынша 40 мың долларлық әсбап-үскенелер алып келинип, орнатыў ислери даўам етпекте.





«Үш әўлад» ушырасыўы болып өтти

Елимиз келешеги болған жаслардың тәлим-тәрбиясында кексе әўлад ўәкиллериниң ролин арттырыў,  оларды ўатансүйиўшилик  руўхында тәрбиялаў ҳәм елимиздиң раўажланыўына өзлериниң мүнәсип үлесин қосыўға шақырыў мақсетинде орынларда «Үш әўлад» ушырасыў кешелери даўам етпекте.

Тақыятас районында жайласқан әскерий бөлимде де усы бағдардағы илаж болып өтип, онда «Нураный» қоры  Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т. Абдижаппаров,  район ҳәкими Д.Қурбанов ҳәм нураный устазлар, әскерий хызметкерлер қатнасты.



Сөзге шыққанлар елимизде жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлардан орынлы пайдаланып, оларды елимиздиң раўажланыўы жолында өз үлеслерин қосыўға шақырып, өзлериниң жасларға өрнек боларлық өмир тәжирийбелерин айтып берди ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.

Илаж даўамында халық хожалығы тараўында хызмет еткен ардақлы нураныйларға естелик саўғалар тапсырылып, концерт бағдарламасы қойып берилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги