«Мәнаўият басқа тараўлардан алдында жүриўи, жаңа күшке, жаңа ҳәрекетке айланыўы керек»,-деген еди Президентимиз 2023-жыл 22-декабрьде болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисиндеги баянатында. Ҳақыйқатында да руўхый байлық инсаннның дүньяға көзқарасын кеңейтип, жаңа басламаларға бағдарлайды. Китап оқыў, устазлардан терең билим алыў менен бирге тарийхтың жанлы сазасы болған музейлерге саяхатлардың шөлкемлестирилиўи де инсанның руўхый байлығын байытып, өтмиштен үлкен түсиниклер алыўға себепши болады.

Усы мақсетте Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашевтың басламасы менен район халқы ушын «Өтмишке саяхат» бағдарламасы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине саяхат шөлкемлестирилди.  Оған район аймағынан жәми 250 ден аслам мәмлекетлик хызметкерлер, нураный ата-аналар, жаслар ҳәм район белсендилери  қатнасты. Қатнасыўшылар музейде сақланып киятырған ата-бабаларымыздың өз қоллары менен дөреткен өнерментшилик буйымлары, миллий кийим- кеншеклер, тағыншақлар, художниклердиң картиналары, тәбият байлықлары, ҳайўанатлар дүньясы менен танысып, өзлерине жақсы тәсирлер алды.








-Саяхат менде жүдә жақсы тәсирлер қалдырды. Музейде ата-бабаларымыздың ески дәўирлерде пайдаланған үй-руўзыгершилик буйымлары, миллий өнерментшилик дәскелери, кемпир апаларымыздың таққан тағыншақлары, ҳайўанатлардың экспонатлары жүдә жақсы етип жайластырылған. Алдағы ўақытлары усындай саяхатлар және де шөлкемлестирилип турылса мақсетке муўапық болар еди,-дейди район турғыны Ж. Арзимова.


Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги