Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлердиң тамамланғанына 35 жыл толыўы мүнәсибети менен Тақыятас районындағы 2-санлы мектепте музей шөлкемлестирилди. Музейде Қарақалпақстан Республикасынан Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлерге қатнасқан жаўынгерлердиң сүўретлери жыйналған.

Музейдиң ашылыў мәресимине район ҳәкиминиң орынбасары Р.Негматов, Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлерге қатнасқан жаўынгер-ветеранлар  ҳәм мектеп оқыўшылары қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар тынышлықтың қәдир-қымбаты, Ана Ўатанды сүйип жасаў ҳәр бир пуқараның миннети екенлигин айта отырып бул музей жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға хызмет ететуғынлығын атап өтти.






Илаж даўамында жаўынгер-ветеранларға мектеп жәмәәти атынана Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды. Буннан соң мийманларға мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги