Бахрейн пайтахты Манама қаласында қылышласыў бойынша жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.

Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнаспақта.

Атап айтатуғын болсақ, сабля бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген жарыста қарақалпақстанлы Наргиза Жақсыбаева ҳәм Алпамыс Орақбаевлар барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы атағына миясар болды.

Жеңимпаз спортшыларды жарысқа Дәўирбек Жийемуратов ҳәм Руслан Султановлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы