Кегейли районындағы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағының кеңлиги ҳәм халқының саны бойынша райондағы ең ири жыйын болып есапланады. Бүгинги күни 1200 ден аслам хожалық жасайтуғын бул жыйын аймағында 6 улыўма орта билим бериў мектеби болып, тилекке қарсы жақын ўақытларға шекем, бирде-бир мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болмады. Бул әлбетте, билимлендириў тараўында әдеўир олқылықты пайда етип, аймақ халқы ҳәм мектеп билимлендириўи хызметкерлерине қыйыншылықлар туўдыратуғын еди.

Буны жақсы түсинген район басшылары жыйын турғынларының өтинишилерин инабатқа алып, «Қарасыйрақ» аўылынан 90 орынға мөлшерленген еки қабатлы заманагөй балалар бақшасы имаратының қурылысын баслап, ол қолы гүл қурылысшылардың пидайы мийнетлериниң арқасында усы оқыў жылынан баслап халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

– Ҳәзирги ўақытлары бақшамызда үш топарда 70 бала заман талабына сай «Илк қадам» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында тәлим-тәрбия алмақта.,-дейди 15-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директоры ўазыйпасын атқарыўшы Айгүл Нурымбетова.- Оларға өз кәсибиниң маманы болған 4 тәрбияшы, бир музыкант, бир рус тили пәни муғаллими ҳәм 1 физикалық тәрбия инструкторы тәлим бермекте.  Бақшамызға «Қарасыйрақ» аўылынан тысқары, «Аяқшы», «Тарақлы» ҳәм «Қосар» аўылларынан да балалар келип, тәрбия алмақта.




Әлбетте, аўыл балаларының заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын жаратылған қолайлы шараятлар халықтың мүшкилин жеңиллетип, олардың абадан турмысын тәмийинлеўге тийкар болмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы