Жас шаңарақтың “квартира” пулы мәмлекет тәрепинен қандай тәризде төлеп бериледи?

“Жаслар дәптери”не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж жас шаңарақларға турақ жайдың ижарасы төлемин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады.

Субсидия 12 ай даўамында төленеди.

Субсидияның ҳәр айлық муғдары БЕМның 3 есесин (1  миллион 20 мың сум) қурайды.

Субсидия бериў ушын шаңараққа төмендеги талаплар қойылған:

Ерли зайыплының екеўи де 31 жасқа толмаған;

Екеўиниң де атында турақ жай болмаған;

Алдын мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жеңилликли ипотека кредитлери арқалы турақ жай менен тәмийинленбеген;

Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ямаса турақ жай менен тәмийинлеўге байланыслы жеңилликлерден пайдаланбаған;

Екеўинен биреўи “Жаслар дәптери”не киргизилген болыўы керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги