ϴмирди қыялымда қандайда бир саат мысалында көз алдыма елеслетемен. Себеби ўақыттың өткенин билмейде қаласаң. ϴмирде сондай.

Оның қалай өтиўи биринши гезекте ҳәр кимниң өзине байланыслы. Екинши бизиң әтирапымыздағы жақынларымыз себепши болады.

Жасы үлкенлердиң айтыўынша өмирде үш нәрседен алжаспаў керек. Бириншиси дос, екиншиси өмирлик жолдас, үшиншиси болса кәсип таңлаўда.

Усы үшеўин дурыс таңлай алсақ, өмирдиң түрли ойлы-бәлентли соқпақларынан, қыйыншылықларынан өтиў аңсат болады.

Олардан бириншиси досқа келетуғын болсақ, ҳақыйқый дос қуўанышлы күнлериңде де, басқа түскен ҳәр қандай мүсийбетлериңде де бирге болады. Бундай дослар табыла бермейди,олар мисли гәўҳар тас. ϴмирлик жолдас, атынан айтылып турғанындай өмириңдеги сүйенишиң, қоллап-қуўатлаўшың болады. Кәсип таңлаў болса, бул бизиң келешегимиз.

Мен де кишкенелигимде журналист болыўды әрман ететуғын едим. Бүгин усы қәнигелеикте билим алып атырман.
Бәршеге өмирде усы үш нәрседен алжаспаўын, келешекте ҳақыйқый дос, бахытлы инсан, өз кәсибиниң маманы ҳәм бахытлы шаңарақ ийеси болыўын тилеймиз.

 

Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм
Жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги