Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлар экономикасы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 15-февраль күни Әндижан ўәлаятына барды.

Сапар бағдарламасында нәзерде тутылған мәнзиллер ҳәм режелер көп. Бириншиси «Асака текстиль» кластериниң тоқымашылық кәрханасы болды.

Бул үлкен комплекс экономикалық контрасттың жарқын мысалы. 2016-жылға шекем бул жер тасландық еди. Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерге берген руўх ҳәм мәдет нәтийжесинде бул жерде басқышпа-басқыш жаңа имаратлар қурылып, 2022-жыл августта иске қосылды. Бүгинги күнде 83 миллион доллар муғдарында жойбар есабынан шийки заттан таяр өнимге болған толық «шынжыр» шөлкемлестирилген.

Атап айтқанда, кластер системасында Әндижан ўәлаятының Улуғнар ҳәм Жалақудық районлары ҳәм Хорезм ўәлаятының Янгибазар районында 11 мың 200 гектар майданда пахта жетистириледи. Соннан 2 700 гектарда тамшылатып суўғарыў жолға қойылған.

Асакадағы кәрханаға Швейцария, Италия, Түркия, Германия, Япониядан үскенелер алып келинип орнатылған. Ол жылына 11 мың тонна жипек, 8 мың тонна пахта ҳәм трикотаж таўар, 12 мың тонна жип ҳәм таўарды бояў, 6 мың тонна таяр трикотаж ҳәм сүлги ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бул жерде 3 мың 200 адам жумыс ислемекте.

Кәрханада сырт елли бирге ислесиўшилердиң талабына тийкарланып сапа қадағалаўы, кәсип үйретиў орайы шөлкемлестирилген. Бояў цехынан шыққан суўды тазалаў имараты да иске қосылған.

Улыўма етип айтқанда, кластер тәрепинен 102 миллион доллар муғдарында жойбарлар әмелге асырылып, жыллық 50 миллион доллар муғдарында экспорт қуўатлылығы жаратылған. Буннан жети жыл алдынғы жағдай менен салыстырғанда дәрамат, экономикалық мәпдарлықтағы айырмашылық жер менен аспандай.

Келеси жылларда кластер тәрепинен Улуғнар районында 70 мың тонна пахта талшығын қайта ислеў заводы, тигиў-трикотаж ҳәм носки ислеп шығарыў кәрханасының шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Оларда және 1 мың 600 ден аслам жумыс орны ашылады.

Усы жерде Әндижан ўәлаяты мысалында пахта-тоқымашылық санаатын раўажландырыў концепциясы бойынша мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, өндиристиң өзине түсер баҳасы 15 процентке қысқартылады, 65 процент қосымша қун жаратылады. Дизайнер ҳәм технологлар мектеби шөлкемлестириледи. Абырайлы брендлер ҳәм ритейлерлер тартылып, тармақ кәрханаларының экспорты 800 миллион долларға жеткериледи.

Мәмлекетимиз басшысы кластер менен фермерлер арасындағы қатнасықларда мәпдарлықты арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратты.

– Аўыл хожалығында базар қатнасықларын раўажландырып атырмыз. Мақсетимиз – жерге итибарды, өним жетистириўшилердиң мәпин күшейтиў. Тараўдың буўыны болған дийқан ҳәм фермерлер де бәсекиге шыдамлы болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент кәрханада жумыс ислеп атырған тигиўши ҳаял-қызлар менен сәўбетлести. Олардың айырымлары өз районларында жоқары мийнет ҳақы пайда болғаны ушын мийнет миграциясынан қайтып келген.

Буннан кейин мәмлекетимиз басшысы Әндижан районындағы «Әндижан санаат хабы»ндағы кәрханалардың жумысы менен танысты.

105 гектар майданды ийелеген бул санаат аймағында машина қурылысы, электротехника, қурылыс материаллары сыяқлы тармақлардағы 12 жойбар жайласқан. Олардан бири – «Авто Спринг Компонентс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети. Улыўма баҳасы дерлик 60 миллион АҚШ доллар болған бул кәрхана жылына 18 мың тонна шойын деталлар ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Бизге белгили, қуйма деталлар санааттың тийкары есапланады. Оларды ислеп шығарыў жоқары маманлық ҳәм технологиялар талап етеди. Атап айтқанда, бурын мәмлекетимиздиң автомобиль қурылысы ҳәм машина қурылысы тармақларында бундай аўысық бөлеклер импорты үлкен орын ийелейтуғын еди. Олардың локализацияланыўы енди өзине түсер баҳаны азайтып, бәсекиге шыдамлылықты арттырады.

Кәрханада Қытай ҳәм Германия мәмлекетлери технологиялары тийкарында полат бөлеклер таярлаў жойбары басланған. Металл қуйыў бөлеги АҚШ, механикалық қайта ислеў бөлеги Қытай компаниялары тәрепинен жойбарластырылған. Өткен жылы 4 түрдеги аўыл хожалығы техникасы ушын аўысық бөлеклер ислеп шығарылған.

Бул жойбардың биринши басқышы болып, 140 жумыс орны жаратылған. Усы жылдың май айында автомобильлер ушын қуйма бөлеклер таярланатуғын екинши басқыш иске қосылады.

Бул сийрек ушырасатуғын кәрхана бир ўақыттың өзинде 12 тонна металл еритиў имканиятына ийе. Және бир нәтийжели тәрепи, шийки затлар Асака районындағы автомобиль заводының темир шығындыларынан алынып, қайта исленеди.

Комплекс толық қуўатлылыққа шыққанда, жылына 27 миллион доллар муғдарында өнимлер локализацияланады. Президентимизге локализацияланатуғын өнимлер ҳаққында мәлимлеме берилди. Онда өзине түсер баҳаны азайтыў ҳәм «жасыл» технологияларды қолланыўға үлкен итибар қаратылады.

Усы жылы улыўма баҳасы 156 миллион доллар муғдарында 10 жойбар иске қосылып, 2 мың адамның бәнтлиги тәмийинленеди. 2025-жылы улыўма баҳасы 14 миллион доллар муғдарында 2 жойбарды әмелге асырып, және 400 жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы – «Әндижан санаат хабы»нда ўәлаятта ислеп шығарылып атырған мебельлер көргизбеси менен танысты.

Әндижан ўәлаятында 377 мебель қурылысы кәрханасы жумыс алып бармақта. Кейинги 5 жыл даўамында бул бағдарда 35 миллион доллар муғдарында 84 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 3 мыңнан аслам жумыс орны жаратылған. Мебель ислеп шығарыў көлеми 2016-жылға салыстырғанда 15 есеге артқан.

Мебель таярлайтуғынлар ушын салық, бажыхана төлемлери бойынша бир қатар жеңилликлер енгизилгени, экспорттағы қәрежетлер ҳәм сырт елден тартылған қәнигелердиң мийнет ҳақысының бир бөлегиниң қаплап берилгени тараў ўәкиллерине үлкен хошамет болмақта.

Бүгинги күнде жылына 300 миллиард сум муғдарында өнимлер таярланып, регион мәмлекетлерине экспорт етилмекте.

Президентимиз кәрханалардың шөлкемлестириўшилери менен сәўбетлести.

– Өткен жыллардағы ең үлкен жетискенликлерден бири исбилерменлеримиздиң сана-сезими өзгерди, исеним артты. Бүгин олар бәсекиге шыдамлы болып, дүнья жүзине шығып атыр. Булар да жумысын әпиўайы истен, мәҳәлледен баслаған. Басқалар да усындай етсе болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде халық исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў илажлары додаланды.

Әндижан ўәлаятында 41 мәҳәлле мебель қурылысына қәнигелескен. Мәселен, Алтынкөл районындағы Ижтимоят мәҳәллесинде 490 шаңарақта мебель таярлаў кооперация усылында жолға қойылған.

Буннан тысқары, жеке тәртипте дизимнен өткен ҳәм өзин-өзи бәнт еткен өнерментлер де көп. Мыңлаған жаслар «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында өнер үйренбекте.

Сол себепли мебельшиликти буннан былай да раўажландырыў бойынша жумыс алып барылмақта. Әндижан ҳәм Алтынкөл районларында усыған қәнигелескен 2 санаат зонасы шөлкемлестирилмекте.

Бул тәжирийбе тийкарында ўәлаяттағы 909 мәҳәллениң имканиятларын үйренип, дәраматлы бағдарларға қәнигелестириў илажлары додаланды. Буның ушын мәмлекет тәрепинен инфраструктура жаратылып, материаллық-шөлкемлестириўшилик жақтан жәрдем бериледи. Мақсет – Әндижан ўәлаятын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыўға умтылыў.

Президент Әндижан ўәлаятында әмелге асырылыўы режелестирилген ири жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Атап өтилгениндей, қыйтайлы инвесторлар менен биргеликте жәми 1,7 миллиард доллар муғдарында 26 жойбар үстинде жумыс алып барылмақта. Олар энергетика, электротехника, машина қурылысы, тоқымашылық, қурылыс материаллары, фармацевтика, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм инфраструктура сыяқлы әҳмийетли тараўларды өз ишине алады.

Мәселен, мини гидроэлектростанциялар, турақ жай ҳәм кеўилашар орынлар қурыў, электробуслар және олар ушын аккумуляторлар, керамогранит ҳәм бетон панеллер, дәри-дәрмақ қуралларын ислеп шығарыў, черешня ҳәм жемис мийўелер жетистириў сыяқлы жойбарлар көплеген жумыс орынлары, экономикалық нәтийжелилиги менен халқымызға үлкен пайда келтиреди.

Мәмлекетимиз басшысы қытайлы инвесторлар менен сәўбетлести. Олар Өзбекстан менен Қытай арасындағы стратегиялық шериклик жоқары дәрежеге шыққаны, мәмлекетимиздеги үлкен имканиятлар исбилерменлерге исеним берип атырғанын атап өтти.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Марҳамат районындағы шахмат мектеби ҳәм китапханасында болды.

Елимиз бурыннан потенциаллы шахмат мектебине ийе. Бүгин де балалар арасында «ақыл гимнастикасы»на қызығыўшылық үлкен.

Олардың бул қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў мақсетинде Марҳамат районында да комплекс қурылды. Эркин Ваҳидов атындағы бул мектепте оқыўшылар сабақтан бос ўақытларында ақыл шынығыўынан сабақ алады. Олардың шеберлигин арттырыў ушын тәжирийбели тренерлер тартылған. Оқыў-шынығыў ханалары ҳәм жарыс залы бар. Компьютерлескен алдынғы бағдарламалар жасларға қолайлы болмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде билим алып атырған ул-қызлардың умтылысларын қоллап-қуўатлап, жақсы тилеклер билдирди. Бул мәкемени басқа да шахмат мектеплери бенен байланыстырып, тәжирийбе алмасып барыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Бел мектепке тутас Жаслар китапханасы да қурылған. Ол кең ҳәм ықшам, бир ўақытта 150 ден аслам китапқумар китап оқыўы мүмкин. Китапхана 30 мың нусқадан аслам әдебиятқа ийе, бир қатар мәлимлеме орайлары тармағына жалғанған. Солар себепли жаслардың сүйикли жерине, интеллектуаллық ойынлар, дөретиўшилик ушырасыўлар, китап презентациялары өткерилетуғын қызғын дәргайға айланған.

Президент усы жерде әндижанлы жаслар менен сәўбетлести.

– Биз экономикамызды раўажландырып, халықтың жан басына дәраматларды арттырыў, жумыс орынларын көбейтиўге ҳәрекет етип атырмыз. Әндижанда да үлкен режелеримиз бар. Онда дәслеп сизлерге сүйенемиз. Ҳәр бир билимли жас – Ўатан қорғаўшысы, – деди Шавкат Мирзиёев.

Билимлендириў системасындағы жаңалықлар, жас әўладқа жаратылып атырған шараятлар, илимий-социаллық жойбарлар ҳаққында сөз болды. Президент жаслар менен жаңа басламалар бойынша пикирлести. Сондай-ақ, олардың усынысларын қоллап-қуўатлап жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысы Әндижан қаласындағы 2-қәнигелестирилген мектеп-интернатын да көзден өткерди.

Бул мәкеме өткен жылы 50 миллиард сум мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қурылған. Ол 504 орынға мөлшерленген болып, 5-11-классларда анық ҳәм тәбийғый пәнлерди терең оқытыўға қәнигелескен. Мектепке оқыўшылар ўәлаяттың барлық қала ҳәм районларынан имтихан тийкарында алынады.

Мектеп-интернатта 60 тан аслам оқыў ҳәм компьютер ханалары, шет тили класслары, лаборатория бар. Сондай-ақ, 222 орынға ийе жатақхана, асхана, спорт залы заманагөй үскенеленген.

Президентимиз усы жерде муғаллимлер менен сәўбетлести. Мектептиң жоқары класслары менен жоқары оқыў бағдарламалары арасында үзликсиз байланысты тәмийинлеў, бир-бирин қайталайтуғын сабақларға жаслардың ўақтын кетирмей, көбирек әмелиятқа бағдарлаў бойынша көрсетпелер берди. Улыўма етип айтқанда, мектеплерге билимлендириў, тәрбия ҳәм руўхыйлық бойынша жаңа орталық алып кириў керек екени атап өтилди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Әндижан қаласында қурылған Универсал спорт комплексин барып көрди.

Ҳәзирги ўақытта төрт мың тамашагөйге мөлшерленген жабық зал қурылған. Онда бир неше спорт түри бойынша жарыслар өткериў мүмкин болады. Соның ишинде, усы жылы гүзде футзал бойынша жәҳән чемпионатының айырым ойынлары усы жерде өткериледи.

Ири комплексте бассейн, кафе, ресторан да болады. Белгили спортшылардың шеберлик мектеплери ушын да шараят жаратылады. Шынығыўлар спорт федерациялары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери менен байланысқан ҳалда алып барылады.

Комплексти нәтийжели эксплуатациялаў, заманагөй басқарыўды енгизиў керек екени айтылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Әндижан қаласындағы орайлық қазанхананы барып көрди.

Ол жақында жеңиллетилген сырт ел кредити есабынан реконструкцияланып, Қытайда ислеп шығарылған 3 энергияны үнемлейтуғын қазанлар орнатылған. 28 километр ыссылық қубырлары тартылып, 373 дана индивидуал ыссылық пунктлери шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, 2 мың киловатт қуўатлылыққа ийе трансформатор орнатылып, жоқары күшлениўли электр тармағы тартылған.

Нәтийжеде қаладағы 271 көп қабатлы турақ жай ҳәм 30 социаллық объект орайласқан ыссы суў ҳәм ыссылық тәмийнатына ийе болады. Соның менен бирге, бир жылда 16 миллион метр куб тәбийғый газ, 2 миллион киловаттан аслам электр энергиясы үнемлеп қалынады.

Усы жерде 2024-2026-жылларға мөлшерленген гезектеги жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди. Оған бола, Әндижан қаласындағы және 5 қазанхананы реконструкциялаў, 33 километр ыссылық тармақларын қурыў ҳәм 114 қуўатлылыққа ийе үйдиң ишки ысытыў системаларын жаңалаў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарларды жеделлестирип, халықты турақлы ыссылық пенен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.

Президентимиздиң Әндижан ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,

ӨзАның хабаршылары