“Мәртлик мектеби”ниң гезектеги жыйыны жуўмақланды

Президентимиздиң басламасы менен “Жиззақ тәжирийбеси” тийкарында басланған “Мәртлик мектеби” жыйыны республикамыздың жасларында айрықша қызығыўшылық оятпақта.
Жақында жыйынның төртинши мәўсими жуўмақланды. Республикамыздан 100 жас әскерий-Ўатанды сүйиўшилик тәрбиясына қаратылған орын менен хошласар екен, шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди.
Қатнасыўшылар дәслеп медициналық тексериўден өткерилди. Оларға әскерий кийимлер берилип, әскерий жүрис-турыс ҳәм шынығыў кестеси менен танстырылды. Топарларға қәнигели офицерт ҳәм сержантлар бириктирилди.

Шынығыўлар даўамында жаслар менен руўхый-ағартыўшылық таярлық саатлары шөлкемлестирилип, пневматикалық мылтықтан оқ атыў, Нөкис қаласындағы қурылыс тараўына қәнигелер таярлаў орайының оқытыўшылары тәрепинен шынығыўлар өткерилди. “Сәркарда ҳәм жаслар” ушырасыўы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери тәрепинен профилактиклық илажлар, тәжирийбели бизнес форумлар шөлкемлестирилди.




Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде түрли спорт жарыслары, физикалық шынығыўлар өткерилди. Мәдений дем алысын тәмийинлеў мақсетиндеги концерт бағдарламалары, дөгерек сәўбетлери, театр тамашалары қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.
“Мәртлик мектеби”жыйынының жабылыў мәресиминде Арқа-батыс әскерий округи, күш структураларының басшылары, Жаслар ислери агентлиги, ϴзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, бириктирилген мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, жаслар ҳәм әскерий хызметкерлер қатнасты. Шығып сөйлегенлер жыйын питкериўшилериниң кейинги өмир жолларында әўмет тиледи. Жоқары нәтийжелерге ерискен жасларға Арқа-батыс әскерий округи, бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен Ҳүрмет жарлықлар тапсырылды.
Илаж соңында қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген техникалық ҳәм әмелий спорт түрлериниң көргизбеси көрсетилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги