Әмелияттың бир күни

389

Бүгин 16-февраль ҳәптениң берекетли жумыс күни. Көзди ашып-жумғанша өндирислик әмелияттың биринши ҳәптеси жуўмақланыў алдында тур.
Гезектеги әмелияттағы шегим және Қарақалпақстан хабар агентлигине түсти. Буннан жүдә қуўанышлыман. Себеби өткен жылы биринши курс ўақтымда да бул жерде болып, журналистикаға дәслепки қәдемимди усы жерден басладым, десем асыра айтқан болмайман.


Бул жердеги устазларым ҳәр бир әмелиятшыны, соның ишинде мени де жыллы-жүзлилик пенен күтип алды. Қарақалпақстан хабар агентлигинде өз кәсибиниң пидайылары жәмленген. Ҳәр күии жергиликли газеталарға ҳәм сайтларға мәмлекетимиз ҳәм республикамыз турмысындағы бир нешше материаллар таярланады.
Ҳәр ким өзиниң жумысы менен бәнт. Соның арасында әмелиятшы жаслар тәрепинен таярланған мақалаларды да көрип шығып, өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин береди. Келеси таярланатуғын мақалаларда нелерге итибар бериў кереклигин жалықпастан үйретеди.
Мен де келешекте усы устазларымдай өз кәсибимниң маманы болыўды мақсет етип қойдым. Буның ушын устазларым айтқандай көп оқыў, излениў ҳәм ҳәрекет болса болғаны.

Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,
ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм
Жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги