Алимент төлеў ҳаққында келисим шәртнамасы

509

Ҳуқықый мәсләҳәт

Ҳәзирги дәўирде көплеген шаңарақлар да ҳәр түрли себеплер менен ажырасыўлар болып атыр. Ажырасқан шаңарақта дүньяға келген перзентлер әке ямаса ана тәрбиясына, меҳрине ҳәм тәмийнатына мүтәж болып атырғаны сыр емес. Көплеген пуқараларымыздың табыс дәреги сырт еллерде болғаны себепли, арасындағы алимент төлеўшилер де сырт мәмлекетлерде жумыс ислеп, табыс табатуғыны ҳәммеге белгили. Бирақ, бул алимент төлеўшилер алимент пулларын өз ўақтында төлемегенлиги ушын мәжбүрий орынлаў бюросынан қарыздарлығы себепли сырт мәмлекетлерге шыға алмай қалыў жағдайлары көплеп ушыраспақта. Хош бул жағдайда алимент төлеўшилер қандай жол тутыў керек?

– Алиментти мүлк есабынан төлеў ҳаққындағы келисим шәртнамасын дүзиў арқалы алимент төлеўши алимент алыўшы алдындағы өз қарызларынан қутылыўы мүмкин. Бул шәртнама бойынша алимент төлеўши төленетуғын алимент пуллары есабынан мүлкти (турақ жай ямаса автомашина) алимент алыўшының атына өткерип, мүлк етип тапсырады ҳәм алимент алыўшы болса перзент тәмийнаты ушын 18 жасқа толаман дегенше алатуғын алимент пуллары есабынан мүлкти атына өткерип алады.

– Көплеген алимент төлеўшилер турақжай-жайды 18 жасқа толмаған перзентимниң ямаса бурынғы ҳаялымның атына саўға етип өткерип берсем мен алимент төлеўден қутыламан деген пикирде. Бул дурыс па?

– Жоқ, бул улыўма дурыс емес. Себеби, саўға шәртнамасында мүлк өз-өзинен пулсыз өтеди. Саўға шәртнамасында тәреплер арасында алыс-берис пул болмайды. Ал, алиментти мүлк есабынан төлеў ҳаққындағы шәртнамасында болса өз-өзинен перзент тәмийнаты ушын 18 жасқа толаман дегенге шекем төленетуғын пул тәмийнаты нәзерде тутылғаны себепли алыс-берис пул есабынан дүзилетуғын шәртнамалар қатарына киреди. Алимент төлеўши алимент алыўшыға турақ жайды саўға етиўге ҳақылы. Бул ҳуқықты ҳеш ким ҳәм нызам шеклемейди. Бирақ, алимент алыўшының алиментти талап етиў ҳуқықы сақланып қала береди.

– Алимент есабынан өтип атырған  турақ жай кимге тийисли болыў керек ҳәм 18 жасқа толмаған перзенттиң анасының атына өте ме?

– Жоқ, анасының атына өтпейди. Себеби, алимент алыўшы ана емес. Алимент алыўшы 18 жасқа толмаған перзент. Бул шәртнамада  турақ жай алимент алыўшының тек ғана өзине тийисли болыўы шәрт ҳәм перзент тәмийнаты ушын болғаны себепли 18 жасқа толмаған алимент алыўшының атына өтеди.

– Бул шәртнаманы дүзиў ушын қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

– Алимент алыўшы перзентиниң туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығы. Алимент төлеўши ҳәм алимент алыўшы ўәкилиниң (анасының) шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери. Алимент төлеўши алимент есабынан алимент алыўшыға  турақ жай өткерип бермекши болса, онда  турақ жайдың кадастр ҳүжжетлери, автомашина болса техникалық гүўалығы. Алимент алыўшы ҳәм алимент төлеўшиниң неке гүўалығы. Алимент төлеў ҳаққында суд қарары. Егер алимент төлеўши кейинги неке дәўиринде алынған мүлкти алимент есабынан төлемекши болса онда алимент төлеўшиниң өмирлик жодасының бул мүлкти алимент есабынан өткериўге келисим арзасы талап етиледи. Алимент есабынан өтип атырған  турақ жайдың баҳалаўшы мәкемелер тәрепинен дүзилген баҳалаў акти талап етиледи.

Ж.АЙТМУРАТОВ,

Нөкис қалалық жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

Қарақалпақстан хабар агентлиги