Жасларға жаратылған имканиятлар ҳаққында сөз етилди

263

Нөкис районындағы «Ақмаңғыт» посёлкалық пуқаралар жыйынында жайласқан кәсип-өнер мектебинде руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға бағдарланған илаж болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қорының баслығы Т. Абдижаппаров, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  жаслар жетекшиси Д.Абаданов,  Руўхыйлық ҳәм ағартыў ислери бойынша районлық бөлиминиң қәнигеси А.Кеңесбаев ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар жәмийетте социаллық-руўхый орталық турақлылығын тәмийинлеў, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың барысы, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун- мәниси ҳаққында сөз етип, жасларға берилип атырған имканиятлар, олардан пайдаланыў ҳаққында пикир-усынысларын билдирди.




Илаж соңында тийисли тараў ўәкиллери жаслар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги