Еки қатар сөз өз қүдиретин көрсетти

467

Лондон ўақты менен саат 13:00 әтирапы. Гүз паслыныӊ соӊғы күнлери еди.

Көп қабатлы турақ жайлар. Оныӊ әтирапында болса, көп нәрседен хабары бардай көринген канал және ызғырық самал менен қандайда бир суўық хабар алып келген жапырақлар көзге тасланады.

Канал бойындағы теректиӊ астындағы отырғышлардыӊ биринде қара сумка ҳәм шарф, ал жерде болса бир жуп қолғап, жаӊа ашылған хат пенен шамасы 50 жас шамасындағы ҳаял адам жатар еди. Хатта болса өмирлик жолдасы менен өмириниӊ жалғыз даўамшысы болған перзентиниӊ өлими туўралы хабар жазылған.

Бундай суўық хабардан кейин ҳаялды бул дүньяда ҳеш нәрсе қызықтырмас еди. Себеби өмириниӊ мазмунына айланған инсанлар енди жоқ. Жаратқанныӊ қүдирети, хаттағы еки қатар сөз бенен ҳаялдыӊ жаны үзилди. Ҳеш кимниӊ басына бундай күнди салмасын. “Сөз сүйектен өтеди” деген. Лекин, өмир инсан ушын бир мәрте бериледи.

Оның ҳәр бир мәўритин мазмунлы ҳәм бахытлы өткериў ушын инсанға шыдамлылық, сабыр-тақат, күш-жигер сыяқлы пазыйлетлер берилген. Соның ушын шаңарағыңыз ҳәм жақын инсанларыӊыз ушын ҳәмийше өзиӊизди сақлаӊ.


Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,

ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм
Жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги