Жаўынгер-ветеранларға ҳүрмет көрсетилди

1979-1989-жыллар аралығында Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлерге қатнасқан әскерлердиң елимизге қайтарылғанына быйыл 15-февраль күни 35 жыл толды. Онда Қарақалпақстан Республикасынан улыўма 3580 жаўынгер әскерлер қатнасқан.
Усы сәне мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Жас тамашагөйлер театрында салтанатлы илаж болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов, Арқа-Батыс әскерий округи ветеранлар кеңесиниң баслығы, подполковник А. Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги нураныйы, генерал М. Бабаниязов, Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер ҳәм майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими ўәкиллери ҳәм Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлердиң қатнасыўшылары болған жаўынгер-ветеранлар қатнасты.



Илажда сөзге шыққанлар тынышлықтың қәдири, жасларымызды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәселелери ҳаққында сөз етип, Аўғанстандағы әскерий ҳәрекетлерге қатнасқанлар қураллас досларын еследи.
Елимиздеги әскерий хызметтиң абыройын арттырыўдағы үлкен хызметлери, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, жасларды ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы қосқан үлеси, сондай-ақ, Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер ҳәм майыплар бирлеспеси шөлкемлестирилгениниң 30 жыллығы ҳәм бурынғы аўқам әскерлериниң Аўғанстан аймағынан алып шығылғанына 35 жыл толыўы мүнәсибети менен бир топар Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер ҳәм майыплар бирлеспеси ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Илаж соңында қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.



Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы