Саудия Арабстаныныӊ Мадина қаласында биринши өзбек рестораны ашылды

378

Саудия Арабстаныныӊ Мадина қаласында “Ал-Урз ҳәм ал-Кабаб”  атамасындағы биринши өзбек асханасы ашылды.

Ресторан Саудия Арабстаны халқы ҳәм дүньяныӊ түрли мүйешлеринен келген мийманлар ушын өзбек миллий тағамлары, халқымыздыӊ дәстүрлери ҳәм мәденияты менен жақыннан танысыў орнына айланады.

Итибарлы тәрепи, бул жерде қарыйдарларға усыныс етилип атырған тағамлар миллий усылдағы ыдысларда тартылып атыр. Ресторанныӊ барлық мүйешлери арнаўлы мониторлар менен үскенеленген болып, оларда сырт елли мийманларға мәмлекетимиздиӊ социаллық-экономикалық турмысы, қалалары, үрп-әдетлери, туристлик потенциалы ҳаққындағы видеороликлер көрсетилмекте.

Бул комплекс Саудия Арабстанындағы ўатанласларымыз Аборо Акмалов ҳәм белгили аспаз Баҳриддин Чустий тәрепинен шөлкемлестирилди.

Олардыӊ айтыўынша, бул ресторан өз қарыйдарларыныӊ санын кеӊейткеннен кейин, Жидда ҳәм Меккеде филиал ашыў режелестирилген.

Мәмлекетимиздиӊ Жидда қаласындағы Бас консуллығы хызметкерлери исбилерменлерге ресторанды ттүгит-нәсиятлаў материаллары менен тәмийинлеўге жәрдем бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги