Кеше Наманган қаласында Азия чемпионлар лигасының 1/8 финал ойынлары шеңберинде «Навбаҳор» ҳәм Саудия Арабстанының «Ал-Иттиҳод» клублары арасында дәслепки ушырасыў болып өтти.
Өз қурамында дүнья футболында өзине жараса үлкен абырайға ийе Канте, Фабиньо ҳәм Ромариньо сыяқлы белгили футболшылар ойнап атырған «Ал-Иттиҳод» клубы бул ушырасыўға пуқта таярлықлар көргени ойын даўамында айқын көзге тасланып турды.
Ушырасыў даўамында еки команда футболшылары да бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Бирақ, тилекке қарсы, ҳеш бир командаға бул ойында дәрўазаларға гол урыў несип етпеди ҳәм дәслепки ушырасыў 0:0 есабы менен жуўмақланды.
Командалардың жуўап ушырасыўы 22-февраль күни Саудия Арабстанында болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы