Дронлар мәнзилине жетип бармады

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Даўыт ата” шегара бажыхана постына қоӊсылас Қазақстан Республикасы арқалы пияда кирип келген пуқаралардан бириниӊ қол жүклери бажыхана тексериўинен өткерилгенде, ҳүжжетлерде көрсетилмеген 3 дана ушыўшысыз ушыў қурылмасы яғный дронлар барлығы анықланды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 15-ноябрдаги “Өзбекстан Республикасында ушыўшысыз ушытуғын аппаратлардан пайдаланыўды тәртипке салыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық мәмлекетимиздиӊ аймағына ушыўшысыз ушатуғын аппаратларды, олардыӊ аўысық бөлеклерин нызамға қайшы ретинде алып кириў, сатыў, сатып алыў қадаған етиледи. Соған қарамастан, айырым пуқаралар тәрепинен сырт еллерден нызамсыз ушыўшысыз ушатуғын қурылмаларды алып кириўге урыныў жағдайлары ушыраспақта.
Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги