Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев басшылығында Беруний районында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.

Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды. Ушырасыўда Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районлары ҳәкимлери, жуўапкер болған министрлик, мәкеме басшылары, 200ге жақын исбилермен қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы иләжлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте. Айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы, басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди. Ҳәр қандай инвестициялық, өндиристи ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажы көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырма берилди.





Қарақалпақстан хабар агентлиги