Жаслар әскерий бөлим мийманы болды

Нөкис гарнизонында “Биз – Жаӊа Өзбекстанныӊ жасларымыз!” сүрени астында “Ашық есиклер күни” илажы өткерилди.
Әскерий округ басшылығы ҳәм Нөкис әскерий прокуратурасы менен биргеликте өткерилген экскурсияға Хожели районыныӊ шегара алды аймағында жайласқан Әмиўдәрья ҳәм Сарышүӊгил аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы 300 ге шамалас жас қатнасты.
Жасларда Ўатанымыздыӊ бүгинги ҳәм ертеӊги келешеги ушын жуўапкершилик сезимлерин арттырыў, оларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, миллий армиямызға исеним туйғысын буннан былай да арттырыў мақсетинде өткерилип атырған үгит-нәсият илажы шеӊберинде болған экскурсияда жаслар дәслеп Нөкис гарнизоныныӊ Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайындағы Арқа-батыс әскерий округи тарийхы музейиниӊ экспонатлары менен танысты.

Соӊ жасларға әскерий техникалар менен үскенелер көрсетилип, әскерий қәнигелер тәрепинен миллий армиямыздыӊ жаўынгерлик қүдирети туўралы мағлыўматлар берилди. Әскерий бөлимлерде әскерлер ушын жаратылған шараятлар, олардыӊ турмысы менен таныстырылды. Бөлимниӊ дала-оқыў майданшасында Ўатан қорғаўшыларыныӊ кәсиплик шеберлигин арттырыўға қаратылған шынығыўлар жасларда қызығыўшылық оятты. Әсиресе, әскерлердиӊ қол урысы бойынша көргизбели шығыўлары оларда айрықша тәсир қалдырды.

Ҳақыйқатында да, соӊғы жыллары жасларға қаратылып атырған итибар, соныӊ ишинде, оларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша исленип атырған ситемалы жумыслар нәтийжесинде бүгин әскерий хызметкер боламан деген жаслардыӊ қатары көбейип бармақта. Бул бағдарда әскерий бөлимлерге шөлкемлестирилип атырған экскурсиялардыӊ орны айрықша болмақта.
Илаж соӊында Қураллы Күшлердиӊ ветеранлары ҳәм әскерий прокуратураныӊ хызметкерлери тәрепинен соӊғы жыллары елимизде, соныӊ ишинде миллий армиямызды реформалаў, әскерий хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў, оларға жеӊилликлер бериў бойынша алып барылып атырған жумыслар туўралы жасларға кеӊ түрде түсиник берилди.






Жаслар бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги