Жаслар менен қарым-қатнас күшейип, беккемленбекте

306

Жаслар ислери агентлиги тийкарынан жаслар менен байланыслы тараў ҳәм бағдарларда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты, стратегиялық бағдарлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққындағы нызамшылыққа бойсынылыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў сыяқлы ўазыйпаларды атқарады.

Қарақалпақстан Республикасында соңғы мағлыўматларға қарағанда 1 миллион 949 мың 903 адам жасайтуғын болса, оның 52 проценти жаслардан ибарат.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы П.Махсетбаев пенен сәўбетлесип, жоқарыда көрсетилген ўазыйпалар шеңбериндеги өзимизди қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Республикамыз жасларының Агентлик пенен қарым-қатнасының бүгинги жағдайы туўралы мағлыўмат берсеңиз.

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, агентлик Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты ислеп шығарыўшы ҳәм әмелге асырыўшы, сондай-ақ, жаслардың интеллектуаллық, дөретиўшилик ҳәм басқа бағдарлардағы потенциалын жетилистириў ушын шараятлар жаратыўға қаратылған жәмийетлик-экономикалық, шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый илажларды системалы түрде әмелге асырыўшы мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланады.

Соның менен бирге, жасларды ўатанға садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, өсип киятырған жас әўладты илим-билимлендириўге ҳәм инновацияларға кеңнен тартыў, олардың ҳуқықлары менен еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў сыяқлы  ўазыйпалар да белгиленген.

Өткен 2023-жылы январь айында бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте 14-30 жастағы 477 мың 175 жастың тийисли зәрүр мағлыўматларын өз ишине алған «Жаслар балансы» қәлиплестирилди.

Онда жаслардың бәнтлик жағдайынан келип шығып, олар жасыл ҳәм сары категорияға, социаллық жағдайынан келип шығып, қызыл категорияға бөлинди. Атап айтқанда 234 мың 50 жас жасыл, 243 мың 125 жас сары, 15 мың 872 жас қызыл категорияға киргизилди.

– Соның ишинде, «қызыл» категориядағы жаслар менен ислесиў бойынша қандай илажлар әмелге асырылмақта?

– Республикамыз бойынша бул категорияға киргизилген 15 мың 872 жас сектор басшылары, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары ҳәм олардың орынбасарларына бириктирилди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы сектор басшылары ҳәм олардың орынбасарларына 955, министрликлер менен шөлкемлердиң басшыларына 1245, қала ҳәм районлардағы сектор басшылары ҳәм орынбасарларына 4731, министрликлер менен шөлкемлердиң қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң басшыларына 8941 жас бириктирилди.

Бириктирилген басшылар тәрепинен, усы категорияға киретуғын жаслардың барлығы менен ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилип, сәўбетлесиўлер даўамында жаслар тәрепинен 9457 мүрәжат келип түскен. Олардың 98,4 процентине әмелий жәрдем көрсетилди. Қалған 1,6 процентине жәрдем көрсетиў бойынша жумыслар даўам етпекте.

Атап айтқанда, 281 жас жумыс пенен тәмийинленди, 136 жасқа  дийқаншылық пенен шуғылланыўына жер ажыратылды, 331 жасқа исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын жеңиллетилген кредит ажыратылды, 258 жас кәсип-өнерге оқытылмақта, 688 жасқа өзин-өзи бәнт етиўи ушын субсидия ажыратылды,  204 жасқа контракт төлемлери өткерилип берилди. Сондай-ақ, 108 жас билимин кеңейтиўге ҳәм шет тиллери бойынша оқытылмақта, 1469 жасқа материаллық жәрдем көрсетилди, 2194 жасқа емлениўи ушын жәрдем көрсетилди, 89 жасқа майыплық ҳәм реабилитациялық үскенелер алып берилип, 31 жастың турақ жайлары оңланып берилди, 3515 жасқа басқа түрдеги жәрдемлер көрсетилди.



– Жумыссыз жаслар ҳәм мектеп пикериўшилериниң бәнтлигине көмеклесиў, атап айтқанда «Жаслар бәнтлиги» бағдарламасы қалай орынланбақта?

– Қарақалпақстан Республикасында жумыссыз 20 мың 540 жас ҳәм жоқары ҳәм профессионал билим менен қамтып алынбаған 5405 мектеп питкериўшиcиниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша «Жаслар бәнтлиги» бағдарламасы ислеп шығылып тастыйықланды.

Бүгинги күнде жумыссыз жаслар бойынша 19 мың 412 жастың (94,5 процент) бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем көрсетилди. Олардың 5515 и турақлы жумысларға орналастырылды, 3553 и кәсип-өнерге оқытылды, 1663 жасқа субсидия тийкарында мийнет қураллары алып берилди, 2047 жасқа дийқаншылық пенен шуғылланыўына 722 гектар егислик жер ажыратылды, 5190 жасқа исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын 67,7 миллиард сумлық кредит ажыратылды, 669 жас уста ҳәм өнерментлерге бириктирилди, 775 жас инвестициялық жойбарлар есабынан жаратылған жаңа жумыс орынларына орналастырылды.


Бүгинги күнге шекем 5131 мектепти питкерген жаслардың бәнтлиги тәмийинленди. Солардан 470 жас турақлы жумысқа орналастырылды, 2916 жас кәсип-өнерге оқытылды, 323 жасқа субсидия тийкарында мийнет қураллары алып берилди, 292 жасқа дийқаншылық пенен шуғылланыўына 86 гектар жер ажыратылды, 194 жасқа 2,9 миллиард сумлық кредит ажыратылды. Сондай-ақ, 321 жас өнермент ҳәм усталарға бириктирилип, 263 жас инвестициялық жойбарлар есабынан ашылған жаңа жумыс орынларына орналастырылды, 352 жас жеке меншик жоқары оқыў орынларына тартылды.

Қалалық ҳәм районлық «Бәнтлик штаблары»ның жуўмақлаўшы мағлыўматларына қарағанда 274 (5%) мектеп питкериўшисиниң ўақтынша бәнтлигин тәмийинлеў мүмкиншилиги жоқ екенлиги анықланды. Атап айтқанда, олардың 58 ин өзине тоқ шаңарақтың перзентлери, 50 ин билимлендириўдиң кейинги басқышына таярланып атырған жаслар, 16 сын мийнетке жарамсыз, 150 ин сырт еллерге шығып кеткен жаслар қурайды.

– Енди усы сырт еллердеги жаслар менен ислесиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша қандай илажлар әмелге асырылмақта?

– Жаслар жетекшилери тәрепинен өткерилген хатлаў нәтийжесинде 15969 жас сырт еллерге миграцияға кеткенлиги анықланды. Соның 15354 и жумыс ислеў ушын, 356 сы оқыў ушын, 259 ы турақлы жасаў ҳәм басқа себеплер менен сырт еллерге шығып кеткен.

Миграцияға шығып кеткен барлық жаслар ҳаққындағы мағлыўматлар «Жаслар балансы» платформасына толық киргизилди.

Сырт еллердеги жаслар менен ислесиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 956 мәрте сектор басшыларының ушырасыўлары шөлкемлестирилди.

– «Жаслар дәптери»ндеги жаслар менен ислесиў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиў қалай шөлкемлестирилмекте?

– 2023-жылы «Жаслар балансы»на муўапық 45 мың 569 жас «Жаслар дәптери»не киргизилип, усы күнге шекем 41 мың 996 жасқа әмелий жәрдем көрсетилди. Атап айтқанда, кәсип-өнерге үйретиў, жеңиллетилген кредитлер, жер майданлары ҳәм субсидиялар ажыратыў нәтийжесинде 19 мың 553 жастың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем көрсетилди. Сондай-ақ, 22 мың 443 социаллық жәрдемге мүтәж жастың машқалалары шешилип, турақлы қадағалаўға алынды.

Қалалық ҳәм районлық «Жаслар дәптери» фондларына өткен жыл басынан жәми 30 миллиард 315 миллион сум қаржы қәлиплестирилди. Усы фондлардан 10 мың 709 жастың социаллық, экономикалық машқалаларын шешиў мақсетинде 25 миллиард 915 миллион сум қаржы қаратылды.

– Мәҳәллелердеги жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, атап айтқанда оларды «Бес баслама олимпиадасы»нда қатнасыўға тартыў бағдарында қандай жумыслар әмелге асырылды?

– 2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасында «Бес баслама олимпиадасы»ның биринши ҳәм екинши мәўсимлери шеңберинде өткерилген 46 таңлаў ҳәм спорт жарысларында қатнасыў ушын жәми 736 мың 285 жас онлайн тәризинде дизимнен өтти.

Олимпиаданың биринши мәўсими өткен жылдың март-июнь айлары, екинши мәўсими сентябрь-ноябрь айлары даўамында мәҳәлле-сектор-район (қала)-аймақлық басқышлары өткерилип, оларға жәми 521 мың 413 жас қамтып алынды. Усы олимпиада шеңберинде өткерилген таңлаў ҳәм спорт жарысларының республикалық басқышында 49 медаль, соннан 13 алтын, 20 гүмис, 16 қола медальлары менен сыйлықланған.

«Жаслардың бос ўақты – жетекшиниң ис ўақты» принципи тийкарында мәҳәлле жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған 32855 мәрте күнлик илажлар өткерилип, ҳәр бир жас орташа 5 илажға қатнасып, оған жәми 1,6 миллион жас қамтып алынды.

– Жасларды заманагөй технопарклер, IT парклерге кең көлемде қамтып алыў, оларды киши бизнеске тартыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берсеңиз.

– «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде усы күнге шекем жәми 10241 жасқа 157,8 миллиард сум кредит қаржылары ажыратылып, усы кредитлердиң процент төлемлери компенсацияланып келинбекте.

Буннан басқа «Ибрат перзентлери» жойбары бойынша «Youtube» ҳәм «Ибрат фарзандлари» электрон платформасы арқалы қарақалпақстанлы 16 мың 650 жас 21 шет тилин тиккелей онлайн үйренип келмекте.

Қарақалпақстан Республикасында IELTS ямаса басқа халықаралық сертификат алған жаслар жетекшилериниң саны бесеў. Сондай-ақ, бүгинги күнде 440 жас «Ибрат перзентлери», «Youtube» платформасы ҳәм «lbrat Academy» мобиль қосымшасынан пайдаланып келмекте.

Өткен жылғы және бир үлкен жаңалықлардың бири қарақалпақстанлы жаслар ушын жумыс баслаған «Жаслар медиа-орайы»ның ашылыўы болды.

Президентимиздиң басламасы менен жумыс ислеп турған «Басламалы бюджет» жойбарының 2023-жылғы биринши мәўсиминде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм бир қатар жаслардың усынысларына муўапық, Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Жаслар медиа-орайы»ның жойбары ашық даўысқа қойылып, халықтың қоллап-қуўатлаўы себепли жойбар таңлаў жеңимпазына айланды.

Жойбар ушын 750 миллион сумлық қаржы ажыратылып, медиа-орай жойбарына тийкарынан, жаслардың турмысына ҳәм жасларға тән болған контентлер ҳәм социаллық тармақлар ушын арнаўлы мүйешлер, мәлимлеме хызмети басшысы ҳәм монтаж жумыслары ушын арнаўлы бөлмелер реконструкцияланып, материаллық-техникалық базасы қәлиплестирилди.

Атап айтқанда, 10 сүўретке алыў, яғный, социаллық тармақлар ушын контентлерди сёмка етиў ушын You nube, Instagram, Ibrat farandlari, монолог зоналары ҳәм концерт илажлары ушын арнаўлы сахна, еки стеллаж ҳәм безелген фонға ийе зона, арнаўлы қара, ақ ҳәм жасыл фонларға ийе.

Сондай-ақ, монтаж ушын арнаўлы бөлме, даўыс жазыў студиясы ҳәм баспасөз хаткери ушын өз алдына бөлме бар.

Жаслар орайында жаслардың қызығыўшылығын арттырыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын «Жаслар заманагөй аяқ ойыны», «Робототехника», «IT орай», «Немис тили», «Бизнес клуб», «Шахмат» сыяқлы ҳәр қыйлы дөгереклер жумыс ислеп турыпты.

  • Алдағы режелериңиз туўралы мағлыўмат берсеңиз.
  • Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң усы жыл 18-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылда жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жаслардың интеллектуаллық қәбилетин раўажландырыў, ҳуқықый саўатлылығын арттырыў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған календарь-режеси ислеп шығылып, жаслар менен ислесиў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ҳәзирги ўақытта, қалалық ҳәм районлық ҳәкимликлерде хатлаў штабларын шөлкемлестириў ҳәм жаслар жетекшилерин анкета-сораўнама бланкалары менен тәмийинлеў, хатлаўды әмелге асырыў ҳәм күнлик мониторинг жүргизиў, хатлаў нәтийжелерин анализлеў, олардың қызығыўшылығы, бәнтлик ҳәм социаллық жағдайынан келип шығып, «қызыл», «сары» ҳәм «жасыл» категорияларға ажыратыў арқалы жаслардың социаллық жағдайы, олардың қызығыўшылығы ҳәм машқалаларын үйрениў мақсетинде жаслар жетекшилери тәрепинен үйме-үй жүрип хатлаў жумыслары алып барылмақта.

Ҳәр шеректе сектор басшылары тәрепинен жаслардың машқалаларын шешиў ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Сектор басшысы ҳәм жаслар» ушырасыўларын шөлкемлестириў белгилеп алынды. «Аўыр» категорияға киретуғын жасларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың машқалаларын шешиўге әмелий жәрдем берип барылмақта.

Жумыссыз жасларды кәсип-өнерге оқытыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем бериў мақсетинде «Жаслар бәнтлик бағдарламасы»ның орынланыўын тәмийинлеў, билимлендириўдиң кейинги басқышына қамтып алынбаған улыўма билим бериў мектеплери питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў мақсетинде «Мәнзилли режеси»ниң орынланыўын тәмийинлеў, шет тили оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм басқа да ўазыйпалардан келип шығып, жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

 

Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги