Қарақалпақ әдебияты жаңа роман менен байыды

454

Тарийхый мағлыўматлардан мәлим болғанындай 1873-жылы Россия империясы Хийўа ханлығын жаўлап алды. Бирақ, империяның Орта Азияны өз қарамағына қаратып алыў нийетин буннан жүз жыллар бурын баслаған еди.

Россияның биринши императоры Петр I мәмлекеттиң шығыстағы шегарасын кеңейтиў ҳәм беккемлеў мақсетинде, 1714, 1716-жыллары еки мәрте Хийўаға ләшкер жибереди. Бирақ, бул еки атланыс та рус әскерлериниң сәтсизликке ушыраўы менен тамамланды.

Үшинши мәрте бул басып алыўшылық ҳәрекетти 1839-жылы Николай I даўам еттирди.

Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов жақында усы экспедиция мағлыўматлары тийкарында «Тутқын» романын жазып, оны «Жети ықлым» баспасынан басып шығарды.

Романда сол 1839-1840-жыллардағы Хийўа экспедициясы ҳаққында сөз етиледи. Лекин, автор шығарманы тарийхый роман деп атамайды. Себеби, шығарманың тийкарғы идеясы сол дәўирде рус әскерлери қолына тутқынға түскен қарақалпақ ҳаялы тәғдирине байланыслы ўақыяларға арналған. Сол ўақыя барысында персонажлар Хийўа экспедициясына араласыўға мәжбүр болады.

Әдиўли китапқумарлар!

Халқымыз тарийхының ашылмаған бетлеринен алып жазылған роман сизлерде үлкен қызығыўшылық оятады деген үмиттемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги