«Баҳадыр» дәстаны қайта баспадан шықты

567

«Өзбекстан Республикасы халық жыршысы», «Қарақалпақстан халық шайыры» Аббаз Дабыл улының «Баҳадыр» дәстаны оның узақ ўақытлардан берги дөретиўшилик ойлары ҳәм тәжирийбелериниң жуўмағынан дөреген үлкен шығармасы. Бул дәстан XX әсир қарақалпақ әдебияты тарийхында халық шайырының тәнҳа өзиниң дөретиўшилик жетискенлиги болып қалмастан, ол өткен әсирдеги пүткил қарақалпақ халық поэзиясының маржаны болып көзге тасланады. Және де «Баҳадыр» дәстаны мәдениятымыз тарийхында халық шайыры тәрепинен дөреген дәстанлық үлкен жазба естелик болып қалады. Сонлықтан бул дәстан 1967-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик сыйлығына миясар болды.

Жақында «Жети ықлым» баспасы Аббаз Дабыл улының 125 жыллық юбилейи ҳүрметине «Баҳадыр» дәстанын жаңадан басып шығарды.

Китап көпшилик поэзия ықласбентлериниң кеўлинен жыллы орын ийелейди деп ойлаймыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги