Жаслықта алынған билим тасқа ойылған нағыс

Кейинги ўақытлары заманагөй мәлимлеме технологиялары, әсиресе, мобиль телефонлар күнделикли турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып үлгергенин атап өтиў керек. Жасы үлкен ҳәм кишиниң күни-түни қолындағы телефонға телмирип отырыўына, жолда ма, той-мерекеде ямаса шаңарақ дөгерегинде бәрқулла усы қурылма жолдасымызға айланғанына үйренип қалдық. Бул болса, әсиресе, жасларды реал турмыстан узақластырмақта. Себеби, бүгинги күн жаслары мобиль телефон ықласпенти. Буны аңлап жетиў ушын психолог болыў шәрт емес, әтирапымыздағы жасларды бақласақ жетерли. Олар қайсы жаста болмасын, ең дәслеп телефонды қолға алыўы менен, мине, усы дүньяның ҳақыйқый ийесине айланғысы келеди.
Қәнигелердиң айтыўынша, мектеп жасындағы балалардың күнине 4-5 сааттан телефоннан пайдаланыўы оның телефонға қуштарлық, семизлик, уйқысызлық сыяқлы кеселликлердиң раўажланыўына себеп болыўы менен бирге олардың сана-сезими ҳәм психикасында смартфонлар тәсиринде ақыл-ойды өзгертип, психологиялық азғырыўлар келип шығыўы, қатты қорқыў, қәўетерлениў, түскинлик, тынышсызланыў, жат идеялардың тәсирине түсиў ҳәм мий нейронларының нормада ислемеслиги бақланыўы мүмкин.
Бала электрон қураллар менен қанша ерте мүнәсибетке кириссе, балалығы менен сонша ерте хошласады. Ойыншық ойнаў, дослар арттырыўдың орнына, компьютер ямаса телефонға байланып қалмақта.
Дурыс, бүгинги турмысты мобиль телефонсыз көз алдымызға келтириў қыйын. Алысын жақын етеди, соңғы жаңалықлардан хабардар етеди. Бирақ телефонның қулына айланып қалыў оғада қәўипли. Жаслардың бос ўақытларын ҳәр қыйлы ойынлар ямаса видеолар көриўге жумсап, инсанға бир мәрте берилетуғын өмирден, ўақыттан үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланбай атыр. Тилекке қарсы, китап оқыў, тил билиў, илим-билим сырларын үйрениўдиң орнына көпшилик жасларымыз виртуаль дүнья ағысына кирип бармақта. Ата-бабаларымыз, бийкарға «Жаслық – бийбаҳа», «Өмир ағар дәрья», «Жаслықта алынған билим – тасқа ойылған нағыс сыяқлы» усындай ибратлы пикирлер астында бир дүнья мәнис жәмленген.
Солай екен, мектеплерде оқыўшыларға «тәрбия сааты» сабақларында, смарт телефонлардың зыянлы ақыбетлери, олардан ақылға уғрас пайдаланыў кереклиги ҳаққында үгит-нәсиятлаў илажларын күшейтиўимиз зәрүр. Оған жумсалған бос ўақыттың орнына сабақларды таярлаў, қосымша дөгереклерге барыў, билим алыў, тил үйрениў, спорт шынығыўларына қатнасыў кереклиги ҳаққында мәсләҳәт бериўимиз, сондай-ақ, бул пикирлерди педагогикалық топар мәжилислеринде, ҳәттеки ата-аналарға да жеткерип, олардан балаларды өз ўақтында қадағалаўын сораймыз.
Министрлер Кабинети тәрепинен 2021-жыл 21-майда «Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелеринде мобиль телефонлардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында»ғы қарар қабыл етилген болып, бул қарар тийкарында Халық билимлендириў министрлигиниң тийисли буйрығы ислеп шығылған. Бул ҳүжжетлер билимлендириў мәкемелеринде мобиль телефонлардан пайдаланыў тәртибин белгилейди ҳәм оқыўшылардың сапалы билим алыў, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң мәплери жолында оқыўшы жаслардың денсаўлығын сақлаўда қәўип-қәтерлерди азайтыў, билим алыўға болған конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған.
Оған бола, билимлендириў мәкемесине кирип келиўде ҳәр бир оқыўшы, муғаллимлер ҳәм басқа да шахслар қол байланысы қурылмасын толық өширип қойыўы шәрт. Телефонды тек ғана арнаўлы қапларда, сумка ҳәм портфельлерде алып жүриўи керек. Билим алыўшыларға телефон қуралларын мойнына асып жүриў, шалбар ҳәм юбка қалталарында алып жүриў, сабақ ўақтында болса олардан пайдаланыўы қатаң қадаған етиледи.
Соны айрықша атап өтиў керек, ЮНЕСКО мағлыўматларына бола, бүгинги күнде дүньяның 50 ден аслам мәмлекетлеринде мектеп аймағында мобиль қурылмалардан пайдаланыў қадаған етилген. Әсиресе, Уллы Британия, Нидерландия, Франция ҳәм Россия сыяқлы мәмлекетлердеги мектеп ҳәм колледжлерде мобиль телефонлардан пайдаланыўды шеклеўши нызамды қабыл етти. Қабыл етилген ҳүжжетте айтылыўынша, телефонлардан оқыўшылар ямаса мектеп хызметкерлериниң турмысы ямаса денсаўлығына қәўип туўылғанда, сондай-ақ, «басқа да айрықша жағдайларда» пайдаланыў мүмкин. Қабыл етилген қарар жаслардың билим алыў сапасын және де жетилистириледи. Себеби, инсанның мийи бир ўақыттың өзинде бир неше нәрсени ойлаўға уқыплы емес, дейди Гарвард медицина мектебиниң доценти Майкл Рич. Себеби, мийнет билимлендириў процесиниң ажыралмас бөлеги болып есапланады. Егер бала жаслығынан мийнетсүйгишликке үйретилсе, келешекте ҳәмме нәрсе жақсы болады. Заманагөй технологияларды билиў, олардан пайдаланыў заман талабы. Бирақ кеселлик дәрежесинде бойсынып қалыў тек ғана балалар емес, ал жасы үлкенлердиң де турмыс тәризи, пикирлеўи, ҳәттеки минез-қулқына унамсыз тәсир етеди. Әсиресе, еле дүньяны толық аңлап үлгермеген баланың сана-сезими телефонның қәўипли тәсиринен зыянланыўы ҳәм бул оның келеси турмысы ҳәм жумысына зыян жеткериўи мүмкин.
Мениң пикиримше оқыўшылардың телефоннан пайдаланыўына белгили дәрежеде, яғный, нормада шеклеўлер қойыў ушын орта билимлендириў мектеплеринде мобиль телефонларды ўақытша сақлаў ушын арнаўлы орынлар жаратыў, заманагөй талапларға жуўап беретуғын сабақларды зәрүр техникалық үскенлер менен тәмийинлеў, билимлендириў процесинде телефонның орнын басатуғын, яғный компенсациялайтуғын оқыў қуралларын жаратыў, мәҳәллелерде халықтың, тийкарынан жаслар ҳәм балалардың телефоннан пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириўге хызмет ететуғын бағдарлама ислеп шығыў, социаллық тармақлардан пайдаланыў ўақтында балалардың билим алыўына пайдалы қосымшаларды телефонларға жүклеў бағдарында ата-аналардың жуўапкершилигин арттырыў сыяқлы жумысларды алып барыўымыз зәрүр.
Кеселликти емлегенге қарағанда оның алдын алған жақсы екенин жуўмақта айтыў мүмкин. Жасларда миллий сана-сезимди, жоқары руўхый пазыйлетлерди қәлиплестирип, оларды миллий үрп-әдетлер, менталитетимизге тән әдеп-икрамлылық нормалары арқалы тәрбияласақ, әлбетте, гөзлеген мақсетке ерисемиз. Елдиң келешеги жаслар қолында!
Мухтар ИБРАГИМОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери
комитетиниң ағзасы
Қарақалпақстан хабар агентлиги