Тынышлықтың қәдири сөз етилди

Дүньяда айырым мәмлекетлердеги болып атырған урыс, жәнжеллер бүгин елимиздеги ҳәр бир инсанды сергек болыўға, тынышлықтың қәдирине жетип, Ана ўатанды көз қарашығындай сақлаўға шақырады. Себеби, урыс ақыбетлери халықтың басына аўыр күнлерди туўдырып, орны толмастай апатшылықларды алып келеди. Бул ҳаққында Нөкис районында 15-февраль Аўғанстан урысында әскерий ҳәрекетлердиң тамамланғанына 35 жыл толыў мүнәсибетине арнап өткерилген ушырасыў кешесинде сөз етилди.
Усы мүнәсибет пенен райондағы «Азат ата» ресторанында байрам илажы болып өтип, илажға район ҳәкими З. Зайтов ҳәм райондағы бир қатар жаўынгер ветеранлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.



Илажда сөзге шыққанлар елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, Ана ўатанға хызмет етиў ҳәр бир инсанның әдиўли ўазыйпасы екенлигин ҳәм жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў кереклигин атап өтти.
Байрам районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.




Қарақалпақстан хабар агентлиги