Британия компаниялары Өзбекстандағы графит кәнлерин өзлестириўге қызығыўшылық билдирмекте

Өзбекстан елшиханасында “Uzbekistan Business Consultants” компаниясыныӊ басқарыўшы директоры Питер Маргейттс пенен ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиў барысында Өзбекстан тәрепи менен бирге ислесиў байланысларын жеделлестириў, биргеликте жойбарларды әмелге асырыў, мәмлекетимизге сырт ел инвестицияларын тартыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Питер Маргейттс Британия компаниялары Өзбекстанда графит кәнлерин излеп табыў, усы тараўда жаӊа жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылық билдирип атырғанын мәлим етти. Оныӊ айтыўынша, 2-февраль күни Қашқадәрья ўәлаятына барған жумыс сапары оғада нәтийжели өткен. “Сапар даўамында Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниӊ ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткердик. Сондай-ақ, Өзбекстандағы кәнлерде мәмлекетлик- жеке меншик шериклик тийкарында турмысқа енгизилетуғын инвестициялық жойбарлардыӊ презентациясы менен таныстым”, деди ол.
Ушырасыў жуўмағында усы тараўда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлерди даўам етиў ҳаққында келисип алынды.
“Uzbekistan Business Consultants” компаниясы Британияда дизимге алынған. Компания Өзбекстан ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринде саўда, инвестициялар тараўларында консалтинг хызметлерин көрсетиўге қәнигелескен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги