Бул ҳаққында МҒКАда өткерилген брифингте Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги мәлимлеме хызмети баслығы Сабине Садинова мәлим етти.
Соннан мийўе-овощ 2,5 млрд долларға ҳәм басқа азық-аўқат өними экспортын 1 млрд долларға жеткериў мақсет етилген.
Онда мийўе экспортын 45 процентке, овощты – 50 процентке, палыз егинлери экспортын 36 процентке, жүзимди – 2,2 есеге ҳәм собықлы өнимлердиӊ экспортын 32 процентке көбейтиў ушын илажлар көрилмекте.
Сондай-ақ, өнимлердиӊ экспорт көлемлери салыстырмалы қымбат базарларға бағдарланады.
Мағлыўмат ушын, 80 мәмлекетке аўыл хожалығы өнимлери экспорты ушын 620 фитосанитарлық рухсатлар алынған. 2023-жылдыӊ өзинде 12 мәмлекетке 23 түрдеги өним экспортына фитосанитарлық рухсатлар алынды. Агентлик тәрепинен бул бағдардағы жумыслар да даўам еттириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги