Биргеликтеги ҳәрекет – жумыс нәтийжелилигин жаратады

279

Президентимиздиң басшылығында усы жыл 12-февраль күни аграр тараўдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм режелерге бағышланған мәжилисте өнимлер инфляциясын тек азық-аўқат ислеп шығарыўды көбейтиў арқалы тәртипке салыў мүмкинлиги атап өтилген еди. Соның менен бирге, мәжилисте ҳәр бир тармақ басшылары қатарында бажыхана уйымларына да баҳаның турақлылығын тәмийинлеў бойынша айрықша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының басшылары ҳәм жуўапкер ўәкиллери “Go’sht sut savdo Xo’jayli” ЖШЖ да болып, нан өнимлери ҳәм гөшти қайта ислеў жойбарын әмелге асырыў процесслери менен танысты.

Жылына 150 тонна нан ҳәм нан өнимлери, кондитер өнимлери, сүт ҳәм гөш өнимлерин қайта ислеў қуўатлылығына ийе болатуғын бул жойбардың толық көлемде иске түсирилиўи нәтийжесинде 20 жаңа жумыс орны жаратылады.



Усы сыяқлы азық-аўқат ислеп шығарыў жойбарларының қоллап-қуўатланыўы халқымыздың бул өнимлерге болған талабын турақлы қанаатландырып, баҳалардың турақлылығын сақлаўға хызмет ететуғынлығын атап өтиў керек. Бул ушын тийисли барлық тараўлар биргеликте ат салысып, ҳәрекет етиўи керек.

Ушырасыў даўамында жойбардың әмелге асырылыўындағы мәселелер үйренилинип, олардың шешими бойынша усыныс ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги