«Замин» фонды Қәўендерлер кеңесиниң баслығы Зироат Мирзиёева ФАО Бас директорының орынбасары Виорел Гутсу менен ушырасты

219

«Замин» фонды Қәўендерлер кеңесиниң баслығы Зироат Мирзиёеваның ФАО Бас директорының орынбасары ҳәм Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкили Виорел Гутсу менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда биологиялық көптүрлиликти қәстерлеп сақлаў, азық-аўқат қәўипсизлиги, экологиялық билимлендириўди алға қойыўға байланыслы биргеликтеги жойбар ҳәм басламаларды және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Тәреплер тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, саналы түрде пайдаланыў бойынша ҳәрекетлерди жеделлестириў зәрүрлигин ҳәм турақлы экологиялық жуўапкершиликли минез-қулқты қәлиплестириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги