Өзбекстанда жасқа байланыслы пенсияларды пуқаралардың мүрәжатысыз тайынлаў тәртиби енгизиледи

2025-жыл 1-марттан баслап пенсия тайынлаўда пуқараның шахсына байланыслы барлық мағлыўматлар министрликлер ҳәм уйымлардың электрон базаларынан алынады.
Жасқа байланыслы пенсияларды пуқаралардың мүрәжатысыз тайынлаў тәртиби енгизиледи. Бул ҳаққында Пенсия қоры хабар берди.
Мәлим етиўинше, пенсия тәмийнаты системасына мәлимлеме технологияларын жедел енгизиў арқалы пуқараларға көрсетилип атырған хызметлер басқышпа-басқыш интерактив ҳәм проактив түрге өткерилмекте.
Бул бағдарда хызмет көрсетиўде қолайлықларды жаратыў мақсетинде 2024-жыл 1-январьдан баслап пуқараларға пенсия тайынлаўды сорап қосымша түрде мәмлекетлик хызметлер орайына барған ҳалда ямаса бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы онлайн мүрәжат етиў ҳуқықы берилген.
Сондай-ақ, 2025-жыл 1-марттан баслап пенсия жасына жеткен пуқараларға пенсиялар «автоматластырылған» тәризде, яғный ҳеш қандай ҳүжжет талап етпеген ҳалда ҳәм пуқараның мүрәжатысыз тайынланады. Онда пуқараның шахсына байланыслы барлық мағлыўматлар (жасы, жынысы, жумыс стажы, мийнет ҳақысы, төленген социаллық салық суммасы ҳәм шаңарақ қурамы сыяқлылар) министрликлер ҳәм уйымлардың электрон базаларынан алынады.
Алдын Өзбекстанда пенсияның ең кем муғдары ең аз тутыныў қәрежетлери дәрежесинен аз болмаўы белгиленгени ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги