Бабур шығармаларының әҳмийети артпақта

Елимизде уллы мәмлекетлик ғайраткер, шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 541 жыллығы кең түрде белгиленбекте.
Қараөзек районындағы мәлимлеме-китапхана орайында да Бабурдың 541 жыллығы мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.
Онда районлық Кеңес депутатлары, тарийхшы ҳәм дөретиўшилик пенен шуғылланыўшы тийисли тараў ўәкиллери қатнасып, Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың ибратлы турмысы, көркем өнерде, илимде, мәмлекетти басқарыў ҳәм сәркардалық шеберлиги туўралы мағлыўматлар берилди.


Атап өтилгениндей, миллий раўажланыўдың жаңа басқышына – Үшинши Ренессанс дәўирине қәдем қойылып, турмысымыздың барлық тараўларында түпкиликли реформалар әмелге асырылып атырған бүгинги күнде Бабурдың бийбаҳа мийрасларын терең үйрениў үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Оның бай мийрасларына тоқтап өтетуғын болсақ, уллы шығармасы «Бабурнама» болып, онда 1494-1529-жыллары Орайлық ҳәм Киши Азияда, Жақын ҳәм Орта шығыс мәмлекетлеринде болған ўақыялар айтылған. Бабур гөззал минез-қулқлы, ҳадал, опалы, шыдамлы, сақый, әдил, мийрим-шәпәәтли инсан болған. Бул пазыйлетлер оның дөретиўшилигинде де өз сәўлелениўин тапқан.
Илажда қәнигелер Бабур шығармаларын үгит-нәсиятлаў мәселелери бойынша пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги