Бабур дөретпелери – руўхыйлық булағы

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында белгили мәмлекетлик ғайраткер, шебер әскербасы, шайыр, тарийхшы илимпаз сыпатында мәмлекетимиз ҳәм дүнья халықлары тарийхында өшпес из қалдырған Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 541 жыллығына бағышланған «Әдиллик ҳәм ағартыўшылық тымсалы» атамасындағы илимий-әмелий конференция ҳәм көркем-әдебий кеше болып өтти.

Конференцияны институттың Түркий тиллер факультетиниң деканы Барлықбай Даўлетов басқарып барды.
Илажда «Бабур дөретиўшилиги ҳәм оның қарақалпақ әдебиятына байланысы», «Бабурдың музыка көркем өнери ҳаққындағы көзқараслары», «Бабурнама» шығармасында ономастикалық бирликлер», «Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилиги – руўхыйлық булағы» атамаларындағы баянатлар оқылып, уллы тулғаның өмири және шығармалары ҳаққында пикирлер билдирилди.




Атап өтилгениндей, Заҳириддин Муҳаммед Бабур 1483-жылдың 14-февралында Әндижанда, Ферғана ўәлаятының ҳүкимдары Омаршайх ҳәм оның өмирлик жолдасы Қутлуғ Нигарханымлардың шаңарағында дүньяға келди. 1494-жылы әкеси қайтыс болғаннан соң, он еки жасында тахтқа отырды. Бабур белгили мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер әскербасы болып қоймастан, соның менен бирге, уллы шайыр, дөретиўши, тарийхшы илимпаз болып табылады. Ол 16-17 жасынан баслап көркем дөретиўшилик пенен шуғылланған.
1503-жылы «Хатти Бабурий» деп аталған әлипбе жаратқан. 1519-жылы Қабул қаласында «Қабул дийўаны»н дүзди. 1521-жылы улы Ҳумаюнға арнап, ҳуқықтаныўшылыққа байланыслы, салық жумысларын тәртипке салатуғын «Мубаййин ал-закот» («Зәкат баяны») шығармасын дөретти. Музыка илими менен шуғылланып, «Чоргоҳ» мақамына «савт»лар жазды.
1523-1525-жылларда әдебияттаныўшылыққа байланыслы «Муфассал» («Қысқаша қолланба») шығармасын жазды. 1528-жылы Хожа Аҳрардың «Волидия» шығармасын өзбек тилине аўдарды. 1528-1529-жыллары «Ҳинд дийўаны»н дүзип шықты.
Бабурдың тарийхый-мемуарлық шығармасы есапланған «Бабурнама» 1494-1529-жыллардағы ўақыяларды өз ишине алады. «Бабурнама» XVI әсирде шығыс тиллерине аўдарылған. 1826-1985-жыллар аралығында төрт мәрте инглис, үш мәрте француз, бир мәрте немис тилине аўдарылып, баспадан шығарылған.
Бабур Ҳиндстандағы ҳүкимдарлығы дәўиринде әдил нызамлар шығарды, жизия салығын бийкар етти, қайтыс болған күйеўин ҳаялы менен бирге күйдириўди қадаған етти, абаданластырыў жумысларын жолға қойды, каналлар қаздырды, имаратлар қурғызды. әтирапына илимпаз-данышпанларды топлады. өзи барған жердиң тарийхы, илими, үрп-әдетлерине ҳүрмет пенен қарады. Жергиликли халық ўәкиллери менен кеңесип, биргеликте жумыс иследи. Бағлар жаратты. Аўғанстан ҳәм Маворауннаҳрдағы дослары менен тығыз байланыста болды.
Fәрезсизлик жылларында Бабур шығармаларының илимий-көпшилик басылымлары бойынша академик А.Қаюмов, профессор С.Ҳасанов, А.Абдурашидов, Ҳ.Муҳаммадхужаев, В.Раҳмонов, Э.Очилов ҳәм басқалар көлемли илимий жумысларды әмелге асырды.
Халықаралық Бабур қорының басламасы менен қурылған Әндижандағы Бабур бағында «Бабур ҳәм дүнья мәденияты» китап музейи де қурылды.
– Оның шығармаларының ҳәзирги күнге шекем отыздан аслам дүнья тиллерине аўдарылыўы, дүнья илимпазлары тәрепинен уллы бабамыздың мийрасын ҳәр тәреплеме изертлеўге болған қызығыўшылықтың күшейип атырғаны Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырайы ҳәм мәртебесиниң артыўына үлкен үлес қоспақта,-дейди институттың өзбек әдебияты кафедрасының баслығы С.Бекчанова. – Бабур исмин тилге алғанымызда шахлық ҳәм шайырлықты бирге көтере алған уллы бир инсанды көз алдымызға келтиремиз.
Ол Әндижанда патша болған дәўиринен баслап Ҳиндистандағы дәўирлерин өз ишине алған ўақыяларды сәўлелендириўши уллы «Бабурнама» шығармасын жаратады. Оның қыйыншылықларға толы өмирин, әмелге асырған улы ислериниң барлығын биз усы шығармадан да билип алыўымыз мүмкин. «Бабурнама» шығармасын жазғанда ол ҳеш қандай жасалма, тоқыма нәрселерден пайдаланбаған. Шығармаға тек ғана фактлерге тийкарланып, өзи көрген, еситкен, билген нәрселерин киргизген. Сол дәўирлердеги қалалар, елатлы пунктлердиң атамалары, тәбият, музыка, халықлар, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер ҳаққында да бул шығармадан көп мағлыўмат алыўымызға болады. Ол қайсы нәрсеге араласса да, қайсы жумысқа қол урса да жоқары нәтийжеге ерисе алған.
Илаж институттың талантлы студентлериниң атқарыўындағы көркем-әдебий бөлим менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги