Төрткүл районындағы 29-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткен жылғы Жәмәәтлик шәртнаманыӊ орынланыўы ҳәм быйылғы жылғы шәртнамаға өзгерислер менен қосымшалар киргизиўге бағышланған мәжилис өткерилди.

Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Төрткүл районлық бөлиминиӊ баслығы А.Халдурдиев,  районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиӊ жетекши қәнигеси А.Балтабаев өткен жылғы жәмәәтлик шәртнаманыӊ орынланыў барысына тоқтап өтти.

Илажда  мектеп директоры менен кәсиплик аўқам комитети баслығыныӊ бул бағдардағы есабатлары тыӊланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Төрткүл районлық бөлими тәрепинен районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими менен биргеликте дүзилген аймақлық тармақ келисимине байланыслы барлық билимлендириў мәкемелеринде 2023-2025-жылларға мөлшерленген жәмәәтлик шәртнамалары дүзилген. Усы шәртнама шәртлерин орынлаў бағдарында өткен жылы бир қатар жумыслардыӊ алып барылғаны атап өтилди. Мектеп жәмәәтиниӊ өткен жылғы жумыслары қанаатландырарлы деп табылып, быйылғы жылдағы жәмәәтлик шәртнамаға пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж соӊында кәсиплик аўқамларыныӊ бир топар белсенди ағзаларына Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Төрткүл районлық бөлими тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги