Усы жылдың 14-февраль күни халық депутатлары Елликқала районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы А. Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда Ниязимбетов Валижан Батирбаевич Елликқала районы ҳәкими етип тайынланды.
В.Ниязимбетов мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкерли лаўазымларда жемисли мийнет еткен. Атап айтқанда, Елликқала районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты корғаў комитети баслығының орынбасары болып ислеген. Усы күнге шекем Төрткүл районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымында ислеп келди.
Сессия соңында райондағы сектор басшыларының 2024-жылда әмелге асырылыўы режелестирилген ўaзыйпалары бойынша презентациясы болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги