Шоманай районы аймағында жайласқан улыўма билим бериў мектеплериндеги оқыўшы-жаслар арасында спорттың волейбол түринен жарыс  шөлкемлестирилди.

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлими, Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте шөлкемлестирилген бул илаждан гөзленген баслы мақсет – «2024-жыл – Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў болып есапланады.

Волейбол жарысына райондағы мектеплерден жәми 12 команда қатнасып, өз-ара күш сынасты.

Жарыстың ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлеринде район ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратов, МҚХ шегара әскерий бөлими подполковниги А.Мадолимов, Нөкис әскерий прокурорының жәрдемшиси Ш.Рамазанов, Арқа-Батыс әскерий округы спорт устасы Г.Жумабаева, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң бөлим баслығы И.Меңлибаевлар қатнасты.

Жарыста жеңимпазлар анықланып, оларға районлық Айрықша жағдайлар бөлими, Миллий Гвардия, Қорғаныў бөлими ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.


Илажда Миллий гвардия бөлиминиң әскерий хызметкерлери тәрепинен көргизбели шынығыўлар көрсетилип, мәденият бөлиминиң концерт бағдарламасы қойып берилди.


Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги