Кегейли районы  55-санлы айырым пәнлерди тереңлестирип оқытатуғын класы бар улыўма  орта  билим бериў  мектеби аймақтағы ең үлгили оқыў дәргайларынан бири болып есапланады. Бүгинги күни 771 оқыўшы билим алып атырған мектепте өз кәсибиниң маманы болған 68 педагог-хызметкерлер балаларға тәлим-тәрбия берип келмекте.

-Муғаллимлеримиздиң 19ы жоқары категория, 25и биринши, 15и екинши категорияға ийе,-дейди мектеп директоры Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы, “Ўатан пидайысы”  кѳкирек белгиси ийеси Ахмед Утепбергенов. -Оқыўшыларымызға билим беретуғын 6 инглис тили муғаллиминен бесеўи С1 дәрежедеги миллий сертифатқа ийе. Әлбетте, бул көрсеткишлер оқыў барысында өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Атап айтатуғын болсақ, мектебимиз оқыўшылары  министрлигимиз тәрепинен  өткерилетуғын пәнлер олимпидасы, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм жарысларда өзлериниң белсендиликлерин көрсетип, жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.

Ҳақыйқатында да, мектептиң өткен ҳәм усы жылы ерискен табыслары ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысар екенбиз, устаз муғаллимлердиң мийнетлериниң жемисин көргендей болдық.




Атап айтқанда, 2022-2023-оқыў жылында өткерилген пәнлер олимпадасының  Қарақалпақстан Республикалық басқышында мектептиң 10-класс оқыўшысы Шахноза Шарапатдинова химия пәнинен  II орынды ийелеген болса, улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында өткерилген “Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп” таңлаўының районлық басқышында I орынды ийелеп диплом ҳәм 100 млн сумлық сертификат пенен сыйлықланған. Соңынан усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында болса, сыйлы III орынды ийелеп 150 млн сумлық  сертификатты жеңип алыўға миясар болған.

2022-2023-оқыў оқыў жылында 11-класты питкерген 48 оқыўшыдан, 35 питкериўши жоқары оқыў орынларына кирген. Сондай-ақ, мектептиң 4-класс оқыўшылары Аселия  Дамирова ҳәм Бегайым Бахытжанова Нѳкис қаласында жайласқан Президент мектебине тест сынақларынан жоқары нәтийже кѳрсетип, оқыўға кирди.

-Ал, быйылғы жылы Президент мектеплери, Агентлик жанындағы қәнигелестирилген мектеплер,  академиялық лицей ҳәм кәсип-ѳнер мектеплериниң оқыўшылары арасында өткерилген Қарақалпақстан Республикалық басқышында мектебимиздиң 10-класс оқыўшысы Рәўшан Алламбергенова инглис тили пәнинен сыйлы 3-орынды ийелеўге еристи,-дейди Ахмед Утепбергенов өз сөзин даўам етип.- Мектебимиз сондай-ақ, «Оқыўшылардың билимин баҳалаўдың жаңа тәртибин мектеплерде тәжирийбе-сынаў тәризинде енгизиў процесслеринде белсенди қатнасқаны ҳәм жоқары нәтийже кѳрсетип үлги болғанлығы ушын»  Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳ.Умарова тәрепинен хошаметленип, мектепке Smart доска, телевизор, принтер саўға етилди.

Мектепте оқыўшыларға сапалы билим берилиў менен бирге, олардың спорт пенен турақлы шуғылланыўына да итибар қаратылған. Мектеп оқыўшылары арасынан Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилген жарыслардың жеңимпазлары өсип жетилиспекте. Атап айтатуғын болсақ, 2023-жылы октябрь айында Әндижан ўәлаятында “Усманов Камбат” системасы бойынша өткерилген спорт жарысында мектептиң 4-класс оқыўшылары Байрамбек Бахтияров биринши, Ҳасылбек Ҳәкимов ҳәм Диана Ҳәкимовалар екинши орынды  ийелеўге миясар болды.

Ал, усы жылдың 13-17-декабрь күнлери аралығында Ташкент ўәлаяты Шыршық қаласында өткерилген пара пауэрлифтинг спорт түри бойынша 2008-жылы туўылған ҳәм оннан киши жастағы спортшылар арасында Өзбекстан кубогинде, 54 кг салмақ категориясында 8-класс оқыўшысы Қошетер Оңғарбаев сыйлы 3-орынды ийелеўге ерискен.

Әлбетте, бул жетискенликлер өз-өзинен болған емес. Бунда муғаллимлердиң пидәкерлик мийнетлери менен бирге, оларға жаратылған қолайлы шараятлар да әҳмийетли орын тутпақта.

Атап айтқанда,   Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 13-апрельдеги ПҚ–5072-санлы қарары тийкарында мектепке 400 млн сум қаржы есабынан жасыл қапламалы спорт майданшасы қурып берилген болса, соңынан 720 млн сум қаржыға заманагөй инвентар ҳәм компьютер техникалары алып берилген. Бундай ғамқорлық ҳәм қоллап-қуўатлаўлар мектеп жәмәәтин және де алға қарай умтылдырмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы