Самарқанд қаласында болып өткен CMS COP14 жалпы мәжилиси шеңберинде Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов ҳәм Қазақстан Республикасы экология ҳәм тәбият ресурслары министриниң орынбасары Нуркен Шарбиев арасында меморандумға қол қойылды.

Меморандум шеңберинде Үстирт платосында жабайы ҳайўанлардың трансшегаралық популяциялары ҳәм олардың көшип жүриўши түрлерин сақлаўды тәмийинлеў бойынша жумысшы топар дүзиледи ҳәм илажлардың «Жол картасы» ислеп шығылады. Ҳүжжет төмендегилерди тәмийинлейди:

– көшип жүриўши түрлердиң муўапықластырылған мониторинги, изертлениўи ҳәм инвентаризациясы;

– жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин қорғаў ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў;

– трансшегаралық қорғалатуғын аймақлар ҳәм миграция коридорларын жаратыў;

– ҳайўанат дүньясы ресурсларынан турақлы пайдаланыў ҳәм экотуризмди раўажландырыў имканиятларын үйрениў;

– қәнигелер таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў;

– көшип жүриўши түрлерди сақлаў тараўында заманагөй ҳәм инновациялық технологияларды таңлаў ҳәм қолланыў бойынша мәсләҳәтлесиўлер;

– көшип жүриўши ҳайўанларды нызамсыз ямаса тийкарсыз услаўға, соның ишинде, браконьерлик ҳәм жабайы ҳайўанлар және олардың түрлери контрабандасына қарсы гүресиў бойынша илажларды муўапықластырыў ҳәм күшейтиў;

– биргеликте илимий-әмелий семинарлар ҳәм конференциялар өткериў;

– биргеликте илимий ҳәм илимий-ғалабалық басылымларды таярлаў ҳәм шығарыў;

– жасаў орталығының бөлиниўи ҳәм деградациясының алдын алыў илажлары;

– «Жол картасы»ндағы тийисли илажларды әмелге асырыў ушын инвестициялар ҳәм қаржыларды тартыў.

Келисимге 2023-жылы Пүткил жер жүзилик тәбийғый мийрас объектлери дизимине киргизилген «Туран бирдей шөллери» трансмиллий Пүткил дүнья жүзилик тәбийғый мийрас объектин сақлаў бойынша Орайлық Азия мәмлекетлериниң миннетлемелерин орынлаў мақсетинде қол қойылғанын атап өтиў керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги