Самарқандта болып атырған CMS COP14  конференциясында БМШтың Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлаў ҳаққындағы конвенциясы атқарыўшы хаткери Эми Френкель «Тәбият қорғаўшысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Белгини жоқары мәртебели мийманға Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов тапсырды.

Министр Френкель ханымға тәбиятты қәстерлеп сақлаў жолындағы пидәкерлик хызметлери ушын миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги