CMS COP14 шеӊберинде Самарқандта “Champion Night” илажы болып өтти. Онда көшип жүриўши түрлерди сақлаў бағдарындағы үлкен исҳәрекетлери ҳәм садықлығы ушын жаӊа CMS чемпионлары сыйлықланды.

Илаж даўамында Өзбекстан “2024–2026-жыллары экологиялық байланысларды тәмийинлеўге қосқан үлеси ушын” ҳүрметли сыйлық пенен сыйлықланды. Өзбекстан кандидатурасы сертификатын CMS атқарыўшы хаткери Эми Френкел экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимовқа тапсырды.


Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, илаж CMS тәрепинен ислеп шығылған басламаларды алға қойыў ҳәм оларды турақлы қоллап-қуўатлаўды хошаметлеўге қаратылған “Migratory Species Champion”  (“Көшип жүриўши түрлердиӊ чемпионлары”) бағдарламасы шеӊберинде болып өтти.

Муҳайё  Тошқораева, ӨзА