Бул ҳаққында мәмлекетимиз басшысыныӊ усы жылы 13-февральдағы “Аўыл хожалығы жерлери деградациясына қарсы гүресиў, топырақтыӊ гумус муғдары ҳәм өнимдарлығын арттырыўды қоллап-қуўатлаўдыӊ қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарында белгилеп қойылды.

Қарарға муўапық, 2024-2025-жыллары тәжирийбе ретинде пахта майданларында топырақ өнимдарлығы, сондай-ақ топырақтыӊ гумус муғдарын арттырыў бойынша агротехникалық илажлар ушын жерден пайдаланыўшыларға (атап айтқанда, кластерлерге) ҳәр бир гектар майданға бир миллион сумнан субсидия ажыратылады.

Онда субсидия ажыратыў Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен “Агросубсидия мәлимлеме системасы” арқалы әмелге асырылады, пахта майданларында топырақтыӊ өнимдарлығын арттырыў бойынша илажларды орынлаў ушын дәслеп есапланған субсидияныӊ 70 проценти 2024-жылы ажыратылады.

Субсидияныӊ қалған 30 проценти Пахташылық кеӊесиниӊ өнимдарлық алдынғы мәўсимге салыстырғанда орташа 10 процентке артқаны ҳаққындағы жуўмаққа тийкарланып 2025-жылы ажыратылады.

Сондай-ақ, “Топырақ қурамы ҳәм  репозиторийи, сапасын таллаў орайы” мәмлекетлик унитар кәрханасы Топырақтаныўшылық ҳәм агрохимиялық изертлеўлер институты қурамына өткериледи.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА