Мәмлекетимиздеги әскерий тараўлардағы реформалар, Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетиндеги ҳәрекетлер елимизде әскерий хызметтиң абырайын арттырып, армия ҳәм халықтың бирлигин сақлап, жасларымыздың кеўилинде армиямызға деген мақтаныш сезимин ҳәм Ўатан қорғаўшысы сыяқлы усы уллы кәсипке қызығыўшылығын  арттырыўға хызмет етпекте.

МҚХ Шегара әскерий бөлиминде хызмет етип атырған бир топар әскерий хызметкерлер Әмиўдәрья районындағы 59-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген ўатансүйиўшилик мәселелерине бағышланған руўхый-ағартыўшылық илажында қатнасты.

Илажда подполковник О.Мадолимов ҳәм майор А.Акрамовлар мектеп оқыўшыларына Қураллы күшлер тараўында алып барылып атырған реформалар, әскерлеримиз ушын жаратылған мүмкиншиликлер, мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлимине қараслы «Жас шегарашы» академиялық лицейи туўралы сөз етип, усы билим дәргайындағы оқыў системасы ҳәм оқыўшыларға жаратылған имканиятлар, питкериўшилерге берилетуғын жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Илажда оқыўшы-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги