Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев өткен 2023-жылы 30-мартта Республикамызда рәсмий сапарда болған ўақытта мәҳәллелерди абат етиў, суў, жол, электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў, мектеп, балалар бақшасы  ҳәм медициналық пунктлерди қурыў ҳәм қайта оңлаў ушын ҳәр бир мәҳәллеге 500 млн сумнан қосымша ақша ажыратыўға тапсырма берген еди. Президентимиздиң тапсырмасы бойынша бүгинги күнде республикамыздағы мәҳәллелерде бул бағдарда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Нөкис районындағы мәҳәллелерде де ажыратылған 500 млн қаржы есабынан бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

-Президентимиздиң тапсырмасына тийкарланып районда машқалаларды сапластырыў ушын мәҳәллелердеги машқалалар  үйренилип, ислеп шығылған  ис-режелер тийкарында олар басқышпа-басқыш сапластырылмақта.  Атап айтқанда, «Ақтерек» мәкан пуқаралар жыйынында 2,2 км электр бағаналары ҳәм СИП кабель тартыў жумыслары алып барылып, 64 хожалықтың электр энергиясына болған талаплары қанаатландырылған болса, «Дарсан» мәкан пуқаралар жыйынында аймақтың атама белгиси жазылған стелла орнатылды. Ҳәзирги ўақытта «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 1,6 км электр бағаналары ҳәм СИП кабель тартыў жумыслары алып барылмақта. Бул жумыслардың нәтийжесинде Қазақ аўылы ҳәм Досымбет аўылында жасаўшы 129 хожалықтың электр энергиясына болған талабы қанаатландырылып, сапалы ҳәм үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлениўи нәзерде тутылған,-дейди Нөкис районының ҳәким жәрдемшиси И. Мухтаров.





Районда бул бағдардағы жумыслар белгиленген ис-режеге тийкарланып даўам етпекте.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы