«Қайсы мәҳәлледе жумыс дурыс шөлкемлестирилип, пуқаралар менен тығыз бирге ислесиў орнатылса, сол жерде аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт орталығы ҳүким сүреди, қолайсыз жағдайларға жол қойылмайды», деген сөзлер жумысымызда баслы бағдарлама болыўы керек,-деп атап өткен еди Президентимиз Өзбекстан Мәҳәллелер ассоциациясын шөлкемлестириў конференциясы қатнасыўшыларына жоллаған мүрәжатында.

Журтбасшымыздың бул шақырығын өзлерине сүрен етип алған Кегейли районындағы «Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны белсендилери тәрепинен аймақ халқының бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, нураный ата ҳәм апаларымыз, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға мәнзилли жәрдем көрсетиў, пуқараларды заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлар өткериў сыяқлы бир-биринен әҳмийетли жумыслар алып барылмақта.

-Аймағымызға ажыратылған 500 млн сум қаржы есабынан М.Жуманазаров көшесиниң 260 метр аралығына қум-шағыл тас араласпасы төселип, 300 метр аралықтағы үйлерге ишимлик суўы тармағы ҳәм электр линиялары тартылды,-дейди  жыйын баслығы Дәўлетияр Қасымов.- Сондай-ақ, аймақ халқының қыйтақ жерлерин ағын суў менен тәмийинлеў мақсетинде, оларға заманагөй электр насосы сатып алынды. Жыйын аймағында халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў ушын 1 бақлаў камерасы орнатылды. Жыйын имаратына қуяш панели орнатылып, имаратымызды турақлы түрде электр энергиясы менен тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутпақта.


Ҳақыйқатында да, бүгинги күни аймақта жүз берип атырған бундай өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жергиликли турғынлардың ертеңги күнге деген исенимин арттырып, оларды ийгиликли мақсетлерге қарай талпындырмақта.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы