Быйылғы жылы Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы жанында ветеринария клиникасы ҳәм виварий қурылысы басланады.

Бул объектлердиӊ қурылыс жумыслары Жәҳән банкиниӊ қаржыландырыўында әмелге асырылады.

Усы мүнәсибет пенен филиалға жойбардыӊ қурылыс ҳәм шарўашылық бойынша қәнигелери келип, филиал басшылары менен сәўбетлесиўлер алып барды. Онда ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети менен биргеликте банк тәрепинен қурылыс жумысларына қаржы ажыратыў, керекли үскенелер менен тәмийинлеў мәселелери додаланды.  Атап өтилгениндей, қурылысы режелестирилип атырған клиника ҳәм виварий студент-жаслардыӊ әмелий билимлерин беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе болады.

Республикамыз аймағында бундай ветеринария клиникасы ҳәм виварий биринши мәрте қурылмақта. Бундай ийгиликли ислердиӊ негизинде болажақ ветеринарларға жетик билим бериў сыяқлы үлкен мақсет жәмленген.

Жәҳән банкининӊ қәнигелери қурылыс ушын белгиленген жер орынлары менен танысты. Жақын күнлерде қурылысты жедел баслаў ҳәм оны сапалы етип питкериў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги